Қайырқом ямаса қәўендер тайынлаў ўәкиллиги ҳәкимнен “Инсан” орайларына өткериледи

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде балаларды социаллық қорғаў системасын жақсылаўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда додаланды.
Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды анықлаў, дизимге алыў ҳәм оларды мүнәсип тәризде жайластырыў ўәкиллиги Социаллық қорғаў миллий агентлигине жүкленбекте.

Балаға тәрбия, билимлендириў ҳәм медициналық хызмет көрсетиў бойынша жуўапкер шахс өз ўазыйпасын орынламаса, ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленбекте. Сондай-ақ, қайырқом ямаса қәўендер тайынлаў ўәкиллигин ҳәкимнен “Инсан” социаллық хызметлер орайларының директорларына өткериў нәзерде тутылмақта.

Жойбарда нотариусларға баланы перзентликке алыў, баланы қәўендерликке бериў ҳаққындағы арзадағы қолдың ҳақыйқыйлығын тастыйықлаў бойынша мүрәжат етилгени ҳаққындағы мағлыўматларды “Инсан” социаллық хызметлер орайларына усынып барыў миннетлемесин жүклеў белгиленбекте.
Соның менен бирге, өзине жүкленген миннетлемени зәрүр дәрежеде орынламағаны ушын қәўендерлик, қайырқомлық ямаса тутынған ата-аналық ўазыйпаларын орынлаўдан шетлетилген шахсларға балалар перзентликке берилмеўи ҳәм олар қәўендер ямаса қайырқом етип тайынланбаўы нәзерде тутылмақта.

Педагоглар жас өспиримлерге тәлим-тәрбия бериў бағдарындағы миннетлемелерин орынламағаны ушын бир жыл даўамында қайта ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған жағдайда олардың билимлендириў шөлкемлеринде педагогикалық жумыс пенен шуғылланыўы қадаған етилмекте.
Атап өтилгениндей, нызам жойбарының қабыл етилиўи балалардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, олардың ҳуқықларын кепилликли қорғаўды тәмийинлеўге хызмет етеди. Додалаўлардан соң нызам жойбары биринши оқыўда қабыл етилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА