“Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы”нда және 17 жасқа жәрдем көрсетилди

Жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ, социаллық-руўхый орталықты буннан былай да беккемлеў мақсетинде Хожели районы ҳәкимлигинде гезектеги “Басшы ҳәм жаслар ушырасыўы” шөлкемлестирилди.
Илаж шеңберинде Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры И.Эргашев аталыққа алынған жаслар менен ашықтан-ашық сөйлесиў өткерди. Ушырасыўға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Ш.Тешаев, Хожели районы ҳәкими Ж.Ермашев ҳәм басқа да жуўапкер шөлкемлер қатнасты.
Усы ўақытқа шекем өткерилген үйрениўлерге тийкарланып илажда 17 жасқа әмелий жәрдем көрсетилди. Атап айтқанда, олардың бесеўине мотокультиватор, және бесеўине ноутбук, үшеўине тигиўшилик үскенелери, және үшеўине кепсерлеў ҳәм устахана үскенелери, биреўине суў насосы тапсырылды.
Илаж даўамында шығып сөйлеген басшылар жасларды заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерге ийе болыў, шет тиллерин үйрениў, умтылыўшаң ҳәм пидайы болыўға шақырды. Өз гезегинде, жаслар да билдирилип атырған исеним ҳәм көрсетилип атырған итибарға мүнәсип жуўап қайтарып, елимиздиң раўажланыўы жолында мийнет етиўге таяр екенлигин атап өтти.
Мағлыўмат ушын, бул баслама Президент Ш.Мирзиёевтиң 2025-жыл 14-февраль күни жаслар менен өткерилген видеоселектор мәжилисинде белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң тийисли тапсырмаларына муўапық әмелге асырылмақта.
Республикалық комиссия тәрепинен қабыл етилген қарарға тийкарланып, Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлигиниң директоры И.Эргашевқа Хожели районындағы “Әмиўдәрья,” “Қумжыққын,” “Күн нуры” ҳәм “Саманкөл” мәҳәллелеринен аўыр категориядағы 67 жас бириктирилген.






Ҳәзирги ўақытта усы жаслар арасында мәнзилли, системалы ҳәм нәтийжелиликке бағдарланған жумыслар нәтийжели даўам етпекте.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги