Өзбекстан Президенти регион мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўына таярлыққа байланыслы  арнаўлы  илажда қатнасты

2707

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 5-август күни Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў ҳәм оны өткериў мәселелерине бағышланған арнаўлы илажда қатнасты.

Илажда Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясы баслығы  Адильбек Қасымалиев, Әзербайжан Республикасы Бас министри Али Асадов, сондай-ақ, рәсмий делегациялар ағзалары ҳәм жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, Ташкент қаласында болажақ Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлықтың тийкарғы тәреплери көрип шығылды.

Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстанның усы форматтағы басшылығы шеңберинде биргеликте әмелге асырылып атырған  жумыслар ҳаққында мағлыўмат берди. Атап айтқанда, жыл басында Басшылық концепциясы ҳәм Биргеликте  илажлар режеси қабыл етилди.

Қәўипсизлик кеңеслериниң хаткерлери, арнаўлы хызметлер басшылары, санаат, энергетика,  суў хожалығы ҳәм экология министрлериниң ушырасыўлары, медиа ҳәм жаслар форумлары өткерилди.

Жыл жуўмағына шекем парламентлераралық форум, қорғаныў, саўда ҳәм транспорт министрлериниң ушырасыўлары, мәдений-гуманитар илажлар өткерилиўи режелестирилген.

Регионаллық шерикликтиң жаңа күн тәртибин қәлиплестириў ҳәм оның ногрмативлик-ҳуқықый тийкарларын беккемлеў мақсетинде ушырасыўдың концептуал ҳүжжетлери таярланбақта.

Ташкент саммити шеңберинде Өзбекстан тәрепи сиясий сөйлесиўди тереңлестириў, экономикалық кооперацияның жаңа драйверлерин иске қосыў, шегараалды саўданы  көбейтиў  бойынша бир қатар басламаларын алға қойыў нийетинде екени атап өтилди.  Суў ҳәм энергетика тараўларында, транспорт жағынан өз-ара  байланыслылықты кеңейтиў ҳәм климат өзгериўи бойынша әмелий бирге ислесиў мәселелери дыққат орайында болады.

Әзербайжан тәрепиниң ушырасыўларда қатнасып атырғаны қанаатланыўшылық пенен  атап өтилди. Бүгинги күнде регион мәмлекетлери Әзербайжан менен нәтийжели бирге ислеспекте. Саўда, транспорт, «жасыл» энергетика тараўларында биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Президенти сөзиниң жуўмағында Орайлық Азия мәмлекетлериниң өз-ара  муўапықластырылған ҳәм келисилген процесслерди регионда раўажланыў ҳәм абаданлық мақсетлерине ерисиўге хызмет  ететуғынына исеним билдирди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги