“А.У.Е.”: Жаслар ҳәм мийнет мигрантларының өмирин ўайран етиўши қәўипли структура

142

Соңғы жыллары жаслар арасында ҳәр қыйлы жынайый топарлар ҳәм субмәдениятлардың тәсири кескин артпақта. Олардан бири – “А.У.Е.” деп аталған жынайый ҳәрекет болып, ол тек ғана жас өспиримлерди емес, ал сырт елге, әсиресе, Россияға барып ислеп атырған пуқараларымызды да өзине тартып атырғаны менен айрықша қәўетер оятпақта.

Бул арқалы тек ата-аналар емес, ал мийнет мигрантларын да сергекликке, өмири ҳәм еркинлигине бийпәрўа болмаўға шақырамыз.

“А.У.Е.” деген не ҳәм ол қай жерде қәлиплескен?

“А.У.Е.” (“Арестантский уклад един” – “Қамақтағылардың қағыйдасы биреў”) – Россия Федерациясында пайда болған болып, ол жерде жынаятшылықтың айрықша туры сыпатында тән алынған қәўипли ҳәрекет есапланады. Ол “урылар нызамлары”н идеалластырып, қамақхана мәдениятын әпиўайы турмысқа сиңдириўди мақсет еткен.

Россияда бул ҳәрекет 2020-жылы рәсмий түрде экстремистлик шөлкем сыпатында қадаған етилген, оның жумысы ушын жынайый жуўапкершилик белгиленген.

Өзбекстан пуқаралары не ушын сергек болыўы керек?

Тилекке қарсы, бул структураның тәсири Россияда ўақтынша жумыс ислеп атырған айырым Өзбекстан пуқараларына да жетип бармақта. Ғалаба хабар қуралларында ҳәм рәсмий дәреклерде атап өтилиўинше, соңғы жыллары бир неше ўатанласларымыз А.У.Е. ҳәрекетин қоллап-қуўатлағаны ямаса онда қатнасқаны ушын Россия нызамшылығына тийкарланып жынайый жуўапкершиликке тартылған.

Бул жағдай тек ғана олардың еркинлигине емес, ал Өзбекстан пуқараларының имиджине де унамсыз тәсир көрсетпекте.

А.У.Е. қалай үгит-нәсиятланады?

Топар ағзалары тийкарынан интернет арқалы – социаллық тармақлар, чатлар ҳәм видеоплатформалар арқалы өз қатарларына адам тартады. Сондай-ақ, олар мийнет мигрантлары арасында да “братва,” “общак,” “закон по понятиям” сыяқлы сөзлер арқалы тәсир өткериўге ҳәрекет етеди.

А.У.Е. қатарында жүриў тек ғана “жумыстан кейинги дослық топары” емес – бул ҳәрекет пенен байланысыў инсанды жынайый ҳәрекетке тартады.

Бул ҳәрекетине байланыслылық қандай ақыбетлерге алып келиўи мүмкин?

  • Россия Федерациясы нызамшылығына муўапық, А.У.Е. ҳәрекетлерине қатнасыў ушын 300 мың рубльден 600 мың рубльге шекем жәрийма, ямаса 1 жылға шекем еркинен айырыў, 1 жылдан 4 жылға шекем мәжбүрий мийнет (ағартыўшылық) жумысларына тартыў, ямаса 2 жылдан 6 жылға шекем еркинен айырыў менен жазаланыўы мүмкин.
  • Жумыссызлық, депортация, инсанның ҳуқықый статусы, еркин ҳәрекет етиў ҳәм шаңарақ келешегин қәўипке салады.

Ата-аналар ҳәм пуқараларға мүрәжат:

  • Перзентлериңиз кимлер менен сөйлеспекте?
  • Россияда мийнет етип атырган танысларыңыз, туўысқанларыңыз әтирапында кимлер бар?
  • “Закон по понятиям,” “общак,” “смотрящий” сыяқлы атамаларды еситкенсиз бе?

Бундай белгилерди қатаң қабыл етиң. Ҳәр бир кешиктирилген сөз – ертең трагедияға айланыўы мүмкин.

Жуўмақ орнында:

А.У.Е. – бул тек ғана Россияда емес, ал сырт елде мийнет етип атырған ўатанласларымыз ушын да реал қәўип. Жынаят ямаса “урылар нызамы” арқалы ҳүрметке ерисиўди емес, ҳадал мийнет ҳәм шаңарақлық бахытты қәдирлеў керек. Тек ғана перзентлериңизди емес, ал өз келешегиңизди де жынайый структуралардан сақлаң. Абайлы болың!