Авазада Өзбекстан тәрепинен бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылды

140

Түркменстанның Аваза қаласында БМШтың теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясы шеңберинде “Жөнелисти белгилеп: теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер ушын Аваза ҳәрекетлер бағдарламасын әмелге асырыўға жәрдемлесиў” атамасындағы парламент форумы шөлкемлестирилди.

Форумда Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы қатнасты.

Сенат Баслығы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан тәрепинен теңизге шығыў имканияты жоқлығы себепли жүзеге келип атырған экономикалық ҳәм логистика шеклеўлери, соның ишинде, сыртқы саўданың қыйынласыўы, транспорт инфраструктурасын раўажландырыўдағы машқалаларды айрықша атап өтти. Өзбекстан дүньяда океанға шығыў ушын кеминде еки мәмлекет аймағынан өтиўи зәрүр болған еки мәмлекеттен бири екенин атап өтти.

Форум қатнасыўшыларының итибарына Өзбекстанның регионаллық байланыслылық ҳәм интеграцияны күшейтиўге қаратылған басламалары, соның ишинде, Темир жол ҳәм автомобиль транспорты тараўында Қазақстан, Қырғызстан, Түркменстан, Тәжикстан, Қытай сыяқлы мәмлекетлер менен биргеликте әмелге асырылып атырған ири жойбарлар таныстырылды.

Трансаўған коридоры – “Термиз – Мозори-Шариф – Қабул – Пешавар” темир жол магистралы перспективадағы ең әҳмийетли жойбарлардан бири сыпатында атап өтилди. Бул коридор Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында саўда ҳәм логистика байланысларын кескин раўажландырыў имканиятын береди.

Форум даўамында Өзбекстан делегациясы тәрепинен бир қатар әҳмийетли басламалар алға қойылды. Атап айтқанда, теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлердиң парламентлери арасында системалы сөйлесиўди жолға қойыў, “жасыл” логистика ҳәм заманагөй инфраструктураны раўажландырыў, саўда ҳәм транзит процесслерин әпиўайыластырыў және санлы шешимлерди енгизиў бойынша парламентлераралық бирге ислесиўди тереңлестириў усыныс етилди.

Буннан тысқары, илимий ҳәм технологиялық бирге ислесиў, инновациялық шешимлер алмасыўы ҳәм илимий форумлар шөлкемлестириў зәрүрлиги де атап өтилди.

***

Илаж шеңберинде Өзбекстан Сенатының Баслығы Танзила Норбоева Әзербайжан Миллий Межлиси Баслығы Саҳиба Гафарова ҳәм Түркменстан Межлиси Баслығы Дунёгөзал Гулманова менен ушырасыў өткерди.

Қызғын руўхта болып өткен сөйлесиўде парламентлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, көп тәреплеме байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.

Хийўа қаласында өткерилген Биринши Өзбекстан – Әзербайжан парламентлераралық форумы еки мәмлекет арасындағы дослық қатнасықларын беккемлеўде нәтийжели тәжирийбе алмасыў майданына айланғаны атап өтилди.

Өзбекстан – Түркменстан парламентлераралық бирге ислесиў топарларының жумысы избе-из ҳәм нәтийжели даўам етип атырғаны атап өтилди. Ушырасыўда бул бағдардағы жумысларды буннан былай да күшейтиў, соның ишинде, парламентлераралық комиссия шеңберинде жергиликли ҳәкимият ўәкиллериниң қатнасыўы арқалы байланысларды кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Н.Абдураимова,

ӨзА