Турақ жайы реновацияға түскен пуқараларға компенсация бериледи

Гөнерген, пайдаланыў ушын жарамсыз ҳәм авариялық жағдайдағы турақ жайларды қайта қурыў-реновациялаў арқалы қала ҳәм мәҳәллелерди абаданластырыў, инфраструктуралық объектлерди заманагөйлестириў, аймақларды архитектуралық, социаллық, экономикалық ҳәм экологиялық жақтан жақсылаў, ески имарат-объектлерди жаңалаў, қолайлы ҳәм энергия нәтийжели жағдайға келтириў қала қурылысының әҳмийетли тәреплеринен болып есапланады. Бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыў ушын болса зәрүр ҳуқықый тийкарларды беккемлеў зәрүр.
Усы мақсетте “Қала қурылысын реновациялаў ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылып, парламенттиң төменги палатасындағы фракциялардың мәжилислеринде биринши оқыўда көрип шығылды. Атап айтқанда, Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде бул жойбар партияның Сайлаўалды бағдарламасынан орын алған ўазыйпалардан бири екени айрықша атап өтилди.
Басламашылардың мәлим етиўинше, бул нызам жойбарының мақсети қала қурылысы ҳүжжетлерине муўапық ислеп шығылған аймақты архитектуралық, социаллық, экономикалық ҳәм экологиялық жақтан жақсылаў сыяқлы қала қурылысы реновациясы тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдан ибарат. Соннан келип шығып, нызам жойбары менен реновацияның мәжбүрий шәртлери, тийкарғы принциплери, реновация басқышлары, бул бағдардағы жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў тәртиби, тараўда мәмлекетлик басқарыў тийкарлары белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, пайдаланыўға жарамсыз ҳалға келген, гөнерген көп қабатлы турақ жайлардың орнына жаңаларын қурыў арқалы аймақлар абат болады, көркемлеседи. Бирақ реновация бағдарламасының жойбары реновацияға түсетуғын турақ жай мүлк ийелериниң келисимине тийкарланыўы ҳәм кең жәмийетшиликтиң додалаўларынан өткерилиўи, сондай-ақ, турақ жайы реновацияға түскен пуқараларды жаңа үй қурылғанша турақ жай менен тәмийинлеў ямаса ижарада турса, ижара қәрежетлерин қаплап бериў зәрүр болады.
Халық ўәкиллериниң бул бағдардағы сораўларына жуўапкерлер нызам жойбары менен турақ жайы реновацияға түскен мүлк ийелерине бир қатар кепилликлер берилетуғынын, турақ жай ҳәм турақ жай емес мүлк ийелерине әдил компенсация бериў системасы нәзерде тутылып атырғанын мәлим етти.

Яғный, пуқаралар жасап атырған көп квартиралы турақ жай реновацияға түскенде, қурылысшы еки жыл мүддет ишинде жаңа жайды қурыўы, сол жайдан пуқараларға ески жайының көлеминен кем болмаған ҳәм таяр оңланған квартираны төменги қабаттан бериў миннетлемесин алады. Буннан тысқары, қурылысшы жаңа жай қурылғанша ижарада жасап атырған халық ўәкиллериниң ижара пулын да қаплап береди. Ямаса турақ жай ҳәм турақ жай емес объектлердиң базар баҳасында пул қаржылары берилиўи белгиленбекте.
Реновация қурылыс мүддети 2 жыл етип белгиленбекте. Егер қурылысшы 2 жылда қурып үлгермесе, кешиккен ҳәр бир күн ушын мүлк ийелерине мүлк баҳасының 0,5 проценти муғдарында пеня төлеўи өз көринисин таппақта.
Муҳтарама Комилова, ӨзА