ICESCO “Поэзия қалалары” атамасында қосықлар таңлаўын жәриялады

147

Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкеми (ICESCO) Самарқанд қаласы 2025-жылы Ислам дүньясы мәденият пайтахты деп жәрияланғаны мүнәсибети менен “Поэзия қалалары” таңлаўының екинши басқышын жәриялады, деп хабар бермекте “Дунё” МА.

Самарқанд қаласын жырлайтуғын араб ямаса өзбек тиллериндеги қосық шығармалары 2025-жылдың 1-августынан 31-декабрине шекем қабыл етиледи. ICESCO экспертлери ҳәм белгили шайырлардан ибарат төрешилер қурамы усынылған қосықларды баҳалайды ҳәм үш жеңимпазды анықлайды.

Жарыс жеңимпазлары ақшалай сыйлықлар ҳәм сертификат пенен сыйлықланады. Атап айтқанда, биринши орынға 3000, екинши орынға 2000, үшинши орынға 1000 АҚШ доллары бериледи.

Таңлаўға усынылып атырған поэзиялық шығармалар төмендеги талапларға жуўап бериўи керек:

араб тилиндеги қосықлар классикалық араб поэзиясы нормаларына, өзбек тилиндеги поэзиялық шығармалар болса өзбек поэзиясының классикалық ҳәм эстетикалық нормаларына;

– қосық бағышлаған қаланың (Самарқанд) қәдириятлары, эстетикасы, тарийхы, географиясы ҳәм руўхына;

– қосықтың көлеми отыз қатар

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги