Жәрдемге мүтәж халық қоллап-қуўатланбақта

209

Жәмийетте жәрдемге мүтәж халық қатламларын қоллап-қуўатлаў, олардың турмыс сапасын жақсылаў ҳәм социаллық қорғаўды тәмийинлеў бағдарында елимизде избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.

Әсиресе, “Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай” бағдарламасы шеңберинде әмелге асырылып атырған илажлар нәтийжесинде социаллық хызметлердиң қамтып алыў ҳәм түрлери кеңейип, жеке меншик сектордың қатнасын жеделлестириўге де айрықша итибар қаратылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң “Басқалардың күтимине мүтәж шахсларға социаллық хызметлер көрсетиў көлемин кеңейтиў илажлары ҳаққында”ғы 171-санлы қарарына муўапық, Беруний районында және бир әмелий қәдем тасланды. Пахтакор мәҳәллесинде “Асадали” ЖШЖ тәрепинен күндизги тәрбия хызмети шөлкемлестирилди. Бул арқалы басқалардың күтимине мүтәж, ер жеткен шахсларға хызмет көрсетиўдеги қамтып алыў ҳәм имканиятлар кеңейди, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлими.

Жаңа хызмет жолға қойылыўы нәтийжесинде күтимге мүтәж пуқараларға зәрүр жәрдем көрсетиў менен бирге, олардың шаңарақ ағзаларына да мийнет пенен шуғылланыў имканиятын жаратыў нәзерде тутылған.


Жойбар иске түсирилиўи мүнәсибети менен район ҳәкиминиң орынбасары Д.Каримов, жуўапкерлер ҳәм мәҳәлле нураныйлары жаратылған шараятлар менен танысты. Сапар даўамында олар тәрепинен бул баслама жоқары баҳаланып, бундай ийгиликли жумысларды әмелге асырып атырғанларға жақсы тилеклер билдирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги