Халықтаң турмыс абаданлығының бир көриниси

Елимизде жол-транспорт инфраструктурасын заман талапларына сай жағдайға келтириў, халыққа қәўипсиз ҳәм қолайлы ҳәрекетлениў имканиятларын жаратыў бойынша системалы жумыслар избе-из даўам етпекте. Бул бағдардағы жумыслар Нөкис районында да өз көринисин таппақта.
Атап айтқанда, Д233 (4Р175) “Нөкис қаласы – Ақмаңғыт – Кегейли – Шымбай – Қазақдәря аўылы” автомобиль жолының 11-12-километр аралығында оңлаў жумыслары алып барылмақта.
Бул оңлаў жумыслары Нөкис районы жоллардан пайдаланыў мәмлекетлик шөлкеми тәрепинен әмелге асырылмақта. Жумысқа 8 арнаўлы техника қуралы ҳәм 17 жумысшы тартылған.

Жол инфраструктурасына қаратылып атырған итибар регионаллық раўажланыў, транспорт ҳәрекети қәўипсизлиги ҳәм экономикалық белсендиликти және де күшейтиўге хызмет етпекте. Ҳәр бир тикленген жол – халықтың турмыс абаданлығына қосылған және бир әҳмийетли үлес, десек асыра айтқан болмаймыз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги