Медицинадағы реформалар инсан қәдири ушын

148

Бүгин медицинада тек емлеў емес – профилактика, санластырыў ҳәм инсаныйлық принциплерине тийкарланған инновациялық системасы енгизилмекте. Республикамызда денсаўлықты сақлаў тараўында әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалар турмыс сапасын жақсылаўға, ҳәр бир пуқараның саламатлығын кепиллеўге хызмет етпекте.

Тақыятас районы медицина бирлеспеси балалар бөлими грант тийкарында Қарақалпақстандағы «Меҳирли инсанлар» фонды жәрдеминде мектепке шекемги балалар ойыны ханасы, мектеп жасындағы балалар ушын сабақ таярлаў, сүўрет салыў ханасы керекли буйымлар менен тәмийинленди.

– Балалар ушын жаратылған бундай шараятладан тек ғана балалар емес, олардың ата-аналары да миннетдар. Олардың жүзиндеги қуўаныш балалардың тез саўалып кетиўине себепши  болады,- дейди район ҳәкиминиң орынбасары Гулзира Бекбергенова.

Қарақалпақстан хабар агентлиги