“Реестр”деги айырым шаңарақларға бақшаға баратуғын перзенти ушын материаллық жәрдем бериледи

Ҳүкиметтиң 484-санлы қарары менен “Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген рәсмий бәнт болған жалғыз баслы ата ҳәм аналарға перзенти ушын мектепке шекемги билимлендириў хызметинен пайдаланыў ушын материаллық жәрдем төлеў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Қарарға бола, материаллық жәрдем Кәмбағал шаңарақлар реестрине киргизилген ҳәм рәсмий бәнт болған жалғыз ана (ата) ға социаллық шәртнама тийкарында төленеди.
Онда олардың мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминде тәрбияланып атырған 3 жасқа шекемги перзент (лер) ине БЕМниң 1,5 есесине шекемги муғдарда төлеп бериледи.
Материаллық жәрдем нызамлы ўәкилдиң 3 жасқа шекемги тек ғана 1 перзенти (балалар егизек болса, егизеклердиң ҳәр бирине) ушын бериледи.
Материаллық жәрдем алыў ушын нызамлы ўәкил “Инсан” орайлары, Мәмлекетлик хызметлер орайларына тиккелей келип яки социаллық хызметкер яки “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” мәлимлеме системасы («БМСҚ» АЖ), сондай-ақ, БСМХП (my.gov.uz) арқалы арза менен мүрәжат етеди.
Арзада төмендеги мағлыўматлар көрсетиледи:
– нызамлы ўәкилдиң пуқаралық биометрикалық паспорты мағлыўматлары;
– 3 жасқа шекемги перзент (лер) иниң туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық (лар) ының мағлыўматлары;
– мобиль телефон номери;
АЖ “Халық банки” банкинде ашылған банк картасы мағлыўматлары.
Материаллық жәрдем есабат айынан кейинги айдың 10-санына шекем нызамлы ўәкиллердиң “социаллық карта”ларына, олар болмағанда, АК “Халық банки”нде ашылған банк карталарына өткерип бериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги