Жасалма интеллект кимлерди жумыссыз қалдырыўы мүмкин?

Microsoft кең көлемли изертлеў нәтийжелерин жәриялады: онда генератив жасалма интеллект (ЖИ)тиӊ мийнет базарына тәсири үйренилген.
Пайдаланыўшылар ҳәм Microsoft Copilot арасындағы 200 мыңнан аслам аноним диалоглар тийкарында, изертлеўшилер қолланылыўшылық индекси – ЖИ-метрикасын қәлиплестирди. Ол жасалма интеллект жумысшы ўазыйпаларда қаншелли жедел пайдаланылып атырғаны, оның нәтийжелилиги және кәсиплер бағдарындағы жумыстың қанша бөлегин ийелеўи ямаса толықтырыўы мүмкин екенлигин сәўлелендиреди.
Нәтийжелерге өтемиз: мәлимлеме, жазыў жумыслары ҳәм коммуникациялар менен байланыслы кәсип ийелери ушын жасалма интеллект (жумыссыз қалдырыў көзқарасынан) ең көп қәўип туўдырмақта. Ең әззи кәсиплер топ-40лығына аўдармашылар, тарийхшылар, жазыўшылар, редакторлар, техникалық жазыўшылар ҳәм data-scientists (бизнес шешимлери ушын мағлыўматлар менен ислейтуғынлар) киргизилген. Мәселен, аўдармашыларда ЖИ қолланыў индекси 0,49 ды қурады – бул олардың ўазыйпаларының дерлик ярымын жасалма интеллект орынлап атырған ямаса толықтырып атырғанын аңлатады. Буннан тысқары, ЖИ текстлер жазыў, редакторлаў, информациялық өзгешеликке ийе мағлыўматларды таярлаў ҳәм қарыйдарлардың сораўларына жуўап бериўди жақсы атқармақта.
Керисинше, жасалма интеллекттиӊ ен жайыўынан (ҳәзирше) қәўетерленбесе де болатуғын физикалық мийнетти талап ететуғын ямаса инсанның тиккелей қатнасыўы талап етилетуғын кәсиплердиң дизими дүзилди. Булар: айдаўшылар, мийирбийкелер, станок операторлары, қурылысшылар ҳәм тазалаўшылар. Олардың көпшилигиниң жумысында жасалма интеллекттен пайдаланыў индекси дерлик нольге тең.
Жасалма интеллекттиң мийнет базарына бүгинги тәсири узақ келешек мәселеси емес, бул әлле қашан басланған трансформация, жоқарыда атап өтилгениндей, инсанның ақылый жумысының айырым бағдарларын ийелей баслаған. ЖИ адамлардың орнын толық ийелей алмайды, бирақ айырым кәсиплер бағдарында қара мийнетти исеним менен өз мойнына алмақта. Кимде-ким бейимлессе ҳәм жасалма интеллекттен пайдаланыўды үйренсе – тек нәтийжелилик ҳәм тезлик жағынан утады. Жасалма сананың имканиятларына гүман менен қарайтуғынлар болса жаңа профессионал реаллықтан шетте қалыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги