Қарақалпақстанда жаңа үнемлеўши суў насослары орнатылмақта

Президентимиздиң басшылығында 2024-жылдың 7-ноябрь күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде 2025-жыл – суў хожалығында “Насослардың нәтийжелилигин арттырыў жылы” болыўы белгиленген еди. Сонлықтан, бүгинги күнде Суў хожалығы министрлиги қарамағындағы насослардың нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған кең көлемли жумысларға илимпазлар да тартылды.
Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы қарамағында ҳәзирги күнде 303 дана СНПЭ-500/10 маркалы насослардан пайдаланылады. Қәнигелердиң мәлим етиўинше, бул насослар электр энергиясының жумсалыўы жоқары болып, толық қуўатлылықта ислегенде саатына 110 кВт электр энергиясын жумсайды.
Қарақалпақстан насос станциялары ҳәм энергетика басқармасы усы маркадағы насослардың альтернатив болған заманагөй, энергия үнемлеўши “ShIMGE” маркалы насосларға алмастырыў илажларын әмелге асырмақта. Жаңа маркадағы насослар Қытай мәмлекетинде ислеп шығарылған болып, 18,5 кВт электр қуўатлығындағы электр-двигательлер менен үскенеленген ҳәм секундына 277 литр суў шығарыўға мөлшерленген.

– Изертлеў даўамында ҳәр бир насос станциясына орнатылған заманагөй, энергия үнемлеўши “ShIMGE” маркалы насослардан шығарылып атырған суўдың жумсалыўы ҳәм басқа да бир неше көрсеткишлер үйренилди, – дейди Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институтының “Насос станциялары ҳәм электр энергиясы” лабораториясының баслығы Жасур Нарзиев. – Атап айтқанда, басымлы қубырларда суўдың жумсалыўын өлшеў AFT-2000Н маркалы лазерли портатив қурылмасы арқалы ҳәм суў алып келиўши каналлардағы суўдың жумсалыўлары SONTEK S5 маркалы доплер-профилограф жәрдеминде анықланды. “СНПЕ 500/10” маркалы насос агрегатының альтернатив сыпатында пайдаланылып атырған “ShIMGE” насос агрегатының нәтийжелилигин баҳалаў мақсетинде изертлеў нәтийжелери салыстырылды ҳәм аналитикалық жуўмақлар таярланбақта.
Илаж даўамында Қанлыкөл районындағы “Азамат,” Нөкис районындағы “Каттагар,” Кегейли районындағы “Көкөзек,” Қараөзек районындағы “Есимөзек” насос станцияларында электр энергиясын үнемлеў ҳәм оларға суў алып келиўши каналларда суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша илимий-әмелий изертлеўлер алып барылды.
Итибарлысы, насослардың нәтийжелилигин арттырыў жумысына илимпазлар да тартылып, илимий жуўмақлар тийкарында ең нәтийжели ҳәм аз энергия менен көбирек суў шығарып, алыс аўылларға шекем суў жеткериў бойынша барлығы бирдей ҳәрекет етпекте,-деп мәлимлеме береди xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги