Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилиси ҳаққында МӘЛИМЛЕМЕ

125

2025-жылдың 1-август күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилиси өз жумысын баслады.

 Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары, Сенат жанындағы Жаслар парламентиниң ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс тәризинде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube  тармағындағы бети арқалы тиккелей сәўлелендирилип барылды.

Сенат жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күнинде сенаторлар дәслеп “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары буннан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызамды додалады.

Кейинги жыллары мәмлекетимизде лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын буннан былай да жетилистириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Мәжилисте мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде бюрократизмди ҳәм ҳәкимшилик тосқынлықлардың сапластырылып атырғаны, соның ишинде, халықтың аралықтан турып электрон мәмлекетлик хызметлерден еркин пайдаланыў имканиятлары кеңейтилип атырғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, сенаторлар лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары талаплары бузылғанынан кейин ҳуқықбузар тәрепинен жәрийма ықтыярлы түрде төленгенде жәрийма муғдарына байланыслы жеңиллик қолланыў әмелиятын енгизиў зәрүрлиги жүзеге келип атырғанына айрықша итибар қаратты.

Тап усындай жәрийма салыў ҳаққындағы қарарларды арнаўлы электрон система жәрдеминде рәсмийлестириў, лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын Өзбекстан Республикасы резиденти болмаған сырт елли юридикалық шахслар тәрепинен әмелге асырыў бағдарында айырым ашық қалған мәселелерди ҳуқықый жақтан тәртипке салыў зәрүрлиги пайда болмақта.

Усы нызам менен “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы, “Өрт қәўипсизлиги ҳаққында”ғы, “Экспорт қадағалаўы ҳаққында”ғы ҳәм “Туризм ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы нызамларына, сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы ҳәм Бажыхана кодекслерине лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар кигизиў нәзерде тутылмақта.

Бул өзгерислер ҳәм қосымшалар лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыўға, ҳуқықбузар тәрепинен жәрийма ықтыярлы түрде төленген жағдайда оған жеңилликлер қолланылыўын, лицензиялаў тәртип-қағыйдалары мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы да әмелге асырылыўын тәмийинлеўге хызмет етеди.

Жалпы мәжилис даўамында нызам қызғын додаланып, оның келешекте исбилерменлик тараўындағы мәжбүрий талапларды қысқартыў арқалы исбилерменлик жумысын әмелге асырыўда қолайлы шараятларды тәмийинлеўде кең имканиятлар жаратыўға хызмет ететуғыны бойынша пикирлер билдирилди.

Бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилигин буннан былай да арттырыўға және өнимлерди өз ықтыяры менен шақырып алған исбилерменлерге жеңиллик бериўге қаратылған қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Сенаторлар тәрепинен соңғы жыллары мәмлекетимизде муўапықлықты баҳалаў процесслерине заманагөй усылларды енгизиў арқалы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў және олардың өмири ҳәм денсаўлығын қорғаўға қаратылған бир қатар жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Сенат ағзалары муўапықлықты баҳалаў қағыйдаларын бузғаны ушын тәсир илажларын күшейтиў, техникалық регламентлердиң талапларына жуўап бермейтуғын өнимди шақырып алған исбилерменлерге жеңиллик бериў механизмлерин қәлиплестириў мақсетинде нызамшылық ҳүжжетлерин буннан былай да жетилистириў зәрүр екенлигине айрықша тоқтап өтти.

Нызам менен Пуқаралық кодексине, “Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў ҳаққында”ғы, “Стандартластырыў ҳаққында”ғы ҳәм “Техникалық жақтан тәртипке салыў ҳаққында”ғы нызамларға муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм техникалық регламентлер ҳәм қолланылыўы мәжбүрий болған стандартларға жуўап бермейтуғын өнимди шақырып алған исбилерменликти хошаметлеўге қаратылған.

Сенаторлар өзлериниң шығып сөйлеўлеринде бул нызам келешекте муўапықлықты баҳалаў уйымларының жуўапкершилигин арттырыўға ҳәм тутыныўшылардың ҳуқықларын және де исенимли қорғаўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Сондай-ақ, жалпы мәжилис даўамында нызам қызғын додаланып, ҳуқықый ҳүжжет тийисли талапларға жуўап бермейтуғын өнимди шақырып алған юридикалық тәреплерди финанслық санкциялардан азат етиў арқалы сапасыз ҳәм қәўипли өнимлердиң реализациясы және тутыныўын шеклеўди де тәмийинлейтуғыны атап өтилди.

Додалаў жуўмағында бул нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан кейин “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине келиспеўшиликлерди альтернатив шешиўде медиация институтын жетилистириўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Соңғы жыллары республикамызда ҳуқықты қорғаў, физикалық ҳәм юридикалық шахслардың ўақты ҳәм қаржысын үнемлеў, ҳәр қыйлы қағазпазлықлардың алдын алыў, келиспеўшиликлерди тәреплердиң жарасыўы тийкарында тыныш жол менен шешиўге қаратылған ҳуқық  атап айтқанда, медиация институты, сондай-ақ, төрешилик судлары тәрепинен келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў әмелияты жолға қойылғаны сенаторлар тәрепинен атап өтилди.

2019-жылы қабыл етилген “Медиация ҳаққында”ғы нызам ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 17-июньдеги “Нызамларды альтернатив шешиў механизмлерин буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарары бул бағдарда жаңа басқышты баслап бергенлиги атап өтилди.

Бирақ судларда жумыс көлеми жылдан-жылға артып бармақта, судқа шекемги ҳәм ямаса суд додалаўы басқышында медиациялық келисимлер саны болса тек ғана 4,2 процентти қурайды, бул медиацияның тәсир шеңберин күшейтиў, тараўға исенимди және де арттырыў зәрүрлигинен дәрек береди.

Бул нызам усы мәселелердиң ҳуқықый шешими сыпатында ислеп шығылған болып, “Медиация ҳаққында”ғы, “Нотариат ҳаққында”ғы, “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы, “Суд ҳүжжетлери ҳәм басқа да уйымлардың ҳүжжетлерин орынлаў ҳаққында”ғы нызамлар, сондай-ақ, Пуқаралық процессуал, Экономикалық процессуал, Салық ҳәм Шаңарақ кодекслерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, “Нотариат ҳаққында”ғы нызамда нотариусқа “Медиация ҳаққында”ғы нызамда белгиленген тәртипте шекленбеген медиатор ўазыйпасын атқарыў ҳуқықының берилиўи нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, “Медиация ҳаққында”ғы нызам жаңа бап пенен толықтырылып, медиация тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйым етип Әдиллик министрлиги белгиленбекте. Онда Әдиллик министрлиги өз ўәкилликлери шеңберинде медиатацияға байланыслы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди қабыл етиўи, медиаторлардың кәсиплик этика қағыйдаларын, олардың кәсиплик маманлығын арттырыў тәртибин ҳәм медиаторларды таярлаў бағдарламаларын тастыйықлаўы, сондай-ақ, нызамшылыққа муўапық басқа да ўәкилликлерди әмелге асырыўы мүмкин екенлиги белгиленбекте.

Соның менен бирге, әмелдеги нызамшылық ҳүжжетлеринде медиация қолланылатуғын тараўлар шеңбери кеңейтилип, медиаторлардың профессионаллық емес түри шығарып тасланбақта ҳәм медиаторларға жоқары мағлыўматқа ийе болыў талабы қойылмақта. Медиаторлардың ҳәр үш жылда маманлығын арттырыў зәрүрлиги, медиаторлардың маманлық комиссияларының шөлкемлестирилиўи, медиатив келисиўди мәжбүрий орынлаўға байланыслы қағыйдалар киргизилмекте.

Сенаторлар бул нызамның қабыл етилиўи келиспеўшиликлерди судқа шекем шешиў механизмлериниң әмелиятта нәтийжели ислеўин тәмийинлеўге, медиация тараўының ҳуқықый тийкарларын беккемлеў арқалы судларда жумыс жүклемесин азайтыўға, сондай-ақ, Өзбекстанның бизнес жүргизиў тараўындағы халықаралық рейтингтеги дәрежесин ҳәм инвестициялық имиджин халықаралық дәрежеде жоқарылатыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, сенаторлар тәрепинен “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимиздиң мәплерин қорғаў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың турақлылығын тәмийинлеў, сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, сондай-ақ, республикамызда халықты ҳәм аймақларды тәбийғый және техноген характердеги айрықша жағдайлардан қорғаў тараўында анық мақсетке бағдарланған кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, мәмлекетимизде арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити менен байланыслы рухсатнамаларды бериў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, климат өзгериўи менен байланыслы тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў ҳәм айрықша жағдайлар нәтийжесинде жеткерилген зыянды баҳалаў механизмлерин анық белгилеў зәрүрлиги пайда болмақта.

Әмелдеги “Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити ҳаққында”ғы нызамда транзит рухсатнамасын бериў ямаса оны бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарар арза алынған күннен баслап 30 күннен аспайтуғын мүддетте қабыл етилиўи, зәрүр жағдайларда болса бул мүддет создырылыўы мүмкин екенлиги белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен додаланған нызам менен “Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити ҳаққында”ғы нызамға транзит рухсатнамасының әмел етиў мүддети көби менен 90 күн етип белгиленбекте.

Сондай-ақ, әмелдеги нызамшылықтағы бослықларды сапластырыў мақсетинде транзит рухсатнамасын бериў ямаса оны бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарар арза алынған күннен баслап жигирма күннен аспаған мүддетте қабыл етилиўи нәзерде тутылып, бул мүддетти создырыўға тийкар болатуғын жағдайлар ҳәм создырыў мүмкин болған мүддет шегарасы анық белгилеп қойылмақта.

Буннан тысқары, нызам менен “Халықты ҳәм аймақларды тәбийғый және техноген характердеги айрықша жағдайлардан қорғаў ҳаққында”ғы нызамға да тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар тәрепинен Нызамның қабыл етилиўи арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити көлемин арттырыўға, халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Додалаўдан соң нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, соңғы жыллары мәмлекетимизде мийнет миграциясы көлеми артып, сырт елден қайтқан пуқаралардың саны көбеймекте. Сондай-ақ, Өзбекстанға да көплеген сырт ел пуқаралары коммерциялық, мийнет етиў мақсетлеринде кирип келмекте. Усы категориядағы шахслардың айырымлары арасында ықтыярлы өткерилген тексериў нәтийжелери оларда инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлер бар екенлигин көрсеткен.

Атап айтқанда, 2024-жылы узақ мүддет сырт елде болып қайтқан 1,7 миллион пуқараның тек ғана 434 мыңы ямаса 25 проценти ықтыярлы түрде АИВ/АИЖСқа тексериўден өткерилген. Олардың 1 512 инде бундай кеселлик анықланған.       Сондай-ақ, 2024-жылы 12,7 мыңнан аслам сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ықтыярлы түрде АИВ/АИЖСқа тексериўден өткерилген ҳәм олардың 81 инде усындай кеселликке шатылғаны анықланған.

Инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлер ықтыярлы тексериўден өткерилген мигрантлар арасында анықланған, тексериўден өтпеген мигрантлардың қаншасында жуқпалы кеселликлер бар екенлиги белгисиз. Усы жағынан бул нызам айрықша әҳмийетке ийе.

Нызам менен Өзбекстан Республикасының “Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққында”ғы, “Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында”ғы ҳәм “Халықтың бәнтлиги ҳаққында”ғы нызамларына бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Соның ишинде, үзликсиз тоқсан күн ҳәм оннан артық мүддет даўамында сырт елде болып қайтқан он сегиз жастан алпыс жасқа шекемги Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар және мийнет етиў ушын Өзбекстан Республикасына кирип атырған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың АИВға мәжбүрий түрде медициналық тексериўден өткерилиўи белгиленбекте.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы пуқаралары ҳәм Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын пуқаралығы болмаған шахслар мәжбүрий медициналық тексериўден Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан, мийнет етиў ушын Өзбекстан Республикасына кирип келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар және Өзбекстан Республикасында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары болса өз қаржылары, жумыс бериўшиниң ямаса нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да қаржылары есабынан өткерилиўи нәзерде тутылмақта.

Буннан тысқары, АИВ/АИЖС ҳәм туберкулёз кеселлигиниң анықланыўы Өзбекстан Республикасы аймағында мийнет етиў ҳуқықына байланыслы тастыйықлаўды бериўди бийкарлаў ушын тийкар болатуғыны белгиленбекте.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасынан тысқарыда жумыс излеп атырған шахсларды барып атырған мәмлекетиниң тийисли нызамшылығы, усы мәмлекетте болыў қағыйдалары бойынша оқытыўды шөлкемлестириў миннетлемеси жеке меншик бәнтлик агентликлерине берилетуғын лицензия шәртлеринен бири етип белгиленбекте.

Сенаторлар тәрепинен бул нызам инсан ушын қәўипли болған жуқпалы кеселликлер тарқалыўының алдын алыўға, халықтың саламатлығын қорғаўға, мийнет миграциясы процесинде социаллық қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша тәсиршең ҳуқықый механизмлерди қәлиплестириўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, жалпы мәжилисте “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам мийнет миграциясы тараўындағы хызмет көрсетиў процесслериниң ашық-айдынлығын тәмийинлейди, жеке меншик бәнтлик агентликлериниң жумысын тәртипке салады, олардың жуўапкершилигин күшейтеди ҳәм жумыс бериўшилер менен хызметкерлерге қосымша қолайлықлар жаратады.

Нызам менен жеке меншик бәнтлик агентликлериниң ҳуқықлары менен миннетлемелерин кеңейтиў, жумыстан тысқары жумыстың даўамлылығын белгилеў ҳәм жумыстан тысқары жумыс ушын ҳақы төлеў системасын жетилистириў нәзерде тутылмақта.

Атап өтилгениндей, бул нормалар мийнет миграциясы тараўында нызамлылықты тәмийинлеўге, мигрантлардың ҳуқықларын кепиллеўге, нызамсыз жумысқа шек қойыўға ҳәм тараўға жеке меншик секторды тартыўға қолайлы имканият жаратады.

Сенаторлар тәрепинен атап өтилгениндей, нызам сырт елдеги Өзбекстан пуқараларының ҳуқықларын қорғаўға, миграция хызметлерин санластырыў ҳәм саламат бәсеки орталығын жаратыў арқалы жеке меншик сектордың қатнасыўын хошаметлеўге, пуқаралардың мийнет ҳуқықларының кепилликлерин тәмийинлеўге, шөлкемлерде жумыс өнимдарлығын арттырыўға ҳәм хызметкерлердиң дәраматларын көбейтиўге хызмет етеди.

Додалаў жуўмағында сенаторлар тәрепинен нызам мақулланды.

Кейинги жыллары елимизде балалардың нызамлы мәплерин қорғаўға, олардың ҳуқықлары менен еркинликлерин мәмлекет тәрепинен кепиллеўге қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылмақта.

Жалпы мәжилисте сенаторлар тәрепинен додаланған “Жас өспиримлерге байланыслы  жынайый жуўапкершилик және де либералластырылыўы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Жынаят кодексине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам да мине, усы реформалардың логикалық даўамы болып есапланады.

Статистикалық санларға бола, мәмлекетимизде 2023-жылы 1 911 жас өспирим шахс жынайый жуўапкершиликке тартылған ҳәм судланған, 2024-жылы 2 214 жас өспирим шахс судланған. Өткен жылы социаллық қәўпи үлкен болмаған жынаятлар 1 238, оғада аўыр болмаған жынаятлар саны болса 855 ти қураған.

Бул нызам “2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын “Инсанға итибар ҳәм сапалы билимлендириў жылы”нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде ислеп шығылған.

Нызам менен Жынаят кодексиниң бир қатар статьяларына қосымша ҳәм өзгерис киргизилмекте.

Соның ишинде, он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген оғада аўыр болмаған жынаяты ушын жазаны өтеп болған шахс судланбаған деп есапланатуғыны белгиленбекте.

Сондай-ақ, нызамда жас өспиримлерге байланыслы еркин шеклеўдиң ҳәм еркинен айырыўдың ең аз мүддети алты айдан бир айға шекем қысқартылыўы нәзерде тутылмақта.

Сенаторлардың пикиринше, бул нызам жас өспиримлерге жынайый жуўапкершиликти және де либералластырыўға хызмет етеди ҳәм он сегиз жасқа толғанға шекем ислеген жынаяты ушын жазаны өтеп болған шахсқа өмирин судланғанлық тамғасынан жырақ тәризде даўам еттириўи ушын шараят жаратады.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының тоғызыншы жалпы мәжилисиниң биринши жумыс күни жуўмақланды.

 

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлис Сенатының

Мәлимлеме хызмети