Өзбекстан Президенти әмелий сапар менен Түркменстанға жөнеп кетти

161

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола 4-август күни БМШтың Теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши конференциясына қатнасыў ушын әмелий сапар менен усы мәмлекетке жөнеп кетти.

Авазада болып өтетуғын конференцияда транспорт жағынан өз-ара байланыслылықты беккемлеў ҳәм саўда тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў, экономикалық трансформация, климат өзгериўи ҳәм қоршаған орталық ушын қәўип-қәтерлерге шыдамлылықты арттырыў, Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиў мәселелери көрип шығылады.

Аваза сиясий декларациясы ҳәм ҳәрекетлер бағдарламасының қабыл етилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, Президентимиз Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының жетинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелерине бағышланған илажда қатнасады ҳәм бир қатар еки тәреплеме сөйлесиўлер өткереди.

ӨзА