Инсан қашаннан баслап тез қартая баслайды?

Биз қартайыўды әсте-ақырын, ўақыттың өтиўи менен жүз беретуғын тәбийий процесс деп билемиз. Бирақ заманагөй илим бул көзқарасты өзгертип атыр.
Жақында илимпазлар өткерген үлкен изертлеўлер соны көрсетти – инсан денесиниң қартайыў процеси белгили бир жасларда кескин тезлеседи.
➤ Биринши әҳмийетли басқыш – 44 жас.
Бул жасқа жеткенде организмимиздеги көплеген системаларда – атап айтқанда жүрек, қан айланыў, метаболизм ҳәм тери дүзилисинде айрықша өзгерислер басланады. Көпшилик бул дәўирде өзин шаршаў, энергияның азайыўы, териниң босасыўы ямаса булшық етлердиң ҳәлсизлениўи менен сезеди.
➤ Кейинги басқыш – 50 жас әтирапында.
Әйне усы дәўирде жүрек ҳәм қан тамыр системасы тезирек қартайыўды баслайды. Илимпазлар бул жаста организмдеги 40 тан аслам белоклар өз дүзилисин өзгертип, кеселликлерге тийкар жарататуғынын анықлаған.
➤ Ҳәм ақырында – 60 жастан кейинги дәўир.
Бул жаста иммунитет төменлейди, бүйрек искерлиги төменлейди, тери және де қурғақласады ҳәм булшық етлер күшсизленеди.
Бирақ ең әҳмийетлиси – бул басқышлар өз ўақтында анықланса ҳәм саламат турмыс тәризине өтилсе, қартайыў процесин сезилерли дәрежеде төменлетиў мүмкин.
Қартайыў – бул тоқтатылмайтуғын процесс. Бирақ оны қадағалаў, оны төменлетиў – бул бизиң қолымызда. Әсиресе 44, 50 ҳәм 60 жастан баслап саламатлығымызға итибарды күшейтиў – узақ ҳәм белсенди өмир гиреўи болып есапланады.
Фардона Яхшибоева, Аброр Содиқов, Улуғбек Тўхтаев,
ӨзАның хабаршылары