Шанхай қаласында “Өзбекстан – 2030” стратегиясы таныстырылды

120

Шанхай глобал басқарыў ҳәм регионаллық изертлеўлер академиясында “Өзбекстан – 2030” стратегиясының презентациясы болып өтти.

Илаж “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм Өзбекстанның Қытайдағы елшиханасы ҳәм Шанхай қаласындағы Бас консулханасы менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Презентацияда Шанхай глобаллық басқарыў ҳәм регионаллық изертлеўлер академиясы, Шанхай шет тиллер университети жанындағы Россия, Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия институты, Шанхай социаллық илимлер академиясы, Фудан университети, Халықаралық машқалалар институты, Россия ҳәм Орайлық Азия изертлеўлери орайы, Шанхай сиясий илимлер ҳәм нызамшылық университети және Шығыс Қытай педагогикалық университети, Россия ҳәм Евроазия институтының профессор-оқытыўшылары ҳәм экспертлери қатнасты.

“Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков өзиниң баянатында “Өзбекстан – 2030” стратегиясының тийкарғы бағдарлары, тийкарғы мақсет ҳәм ўазыйпалары ҳаққында айтып өтти.

Соның ишинде, 2030-жылға шекем мәмлекетимизде жоқары қосымша қунға ийе өним ислеп шығарыў көлемин арттырыў, санлы экономиканы раўажландырыў, сырт ел инвестицияларын тартыў, социаллық тараўды реформалаў – билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў системасын жетилистириў, халықтың абаданлығын арттырыў, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар ушын теңдей имканиятлар жаратыў, “жасыл экономика,” суў ресурсларын ақылға уғрас басқарыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери, сондай-ақ, Орайлық Азияда турақлылықты тәмийинлеў, трансшегаралық бирге ислесиў ҳәм сыртқы сиясатта турақлы қатнасты қәлиплестириў бағдарында белгиленген ўазыйпаларға айрықша итибар қаратылды.            Презентация даўамында қатнасыўшылар тәрепинен “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекетимиздиң тек ғана ишки емес, ал сыртқы сиясатының бағдарларын белгилеп беретуғын, мәмлекет раўажланыўының ҳәм экономикалық, ҳәм социаллық тәреплерин қамтып алатуғын ҳүжжет сыпатында тән алынды, делинеди “Раўажланыў стратегиясы” орайының мағлыўматында.

Өзбекстанның дәраматы орташадан жоқары болған мәмлекетлер қатарына кириў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық қорғаў системаларын модернизациялаў сыяқлы бағдарлардағы ҳәрекетлери қытайлы инвесторлар ушын кең имканиятлар есигин ашып атырғаны атап өтилди.

Презентациядан соң “Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков ҳәм Шанхай глобаллық басқарыў ҳәм регионаллық изертлеўлер академиясының атқарыўшы деканы профессор Ян Чен арасында ушырасыў болып өтти.

Сөйлесиў даўамында еки тәреплеме байланысларды беккемлеў, атап айтқанда, биргеликтеги изертлеўлерди шөлкемлестириў ҳәм мәпдар тараўларда бирге ислесиўди және де жеделлестириў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды.

Сөйлесиўлер жуўмағында “Раўажланыў стратегиясы” орайы ҳәм Шанхай глобаллық басқарыў ҳәм регионаллық изертлеўлер академиясы арасында қысқа мүддетлерде бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумының жойбарын ислеп шығыў ҳәм қол қойыўға келисип алынды.

А.РУСТАМОВ, ӨзА