Өзбекстан Халықаралық экономика олимпиадасында тарийхый нәтийже көрсетти

Өзбекстан ўәкиллери 2025-жылғы Халықаралық экономика олимпиадасында (International Economics Olympiad, IEO) табыслы қатнасып, елимиз тарийхындағы ең жоқары нәтийжени атап өтти.
Баку қаласында болып өткен бул абырайлы жарысқа 50 ден аслам мәмлекет, соның ишинде, АҚШ, Канада, Россия, Бразилия, Испания, Мексика сыяқлы дүньяның жетекши мәмлекетлери қатарында бес қатнасыўшыдан ибарат Өзбекстанның ең қәбилетли оқыўшылары командасы да қатнасты.
Жерлеслеримизден Қаршы қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшылары Аслиддин Бойназаров гүмис медальға ийе болды ҳәм “Best in Finance” арнаўлы сыйлығын қолға киргизди, Ҳумоюнбек Иброҳимов 3-орынды ийеледи, Зуҳриддин Ибодовқа да арнаўлы сертификат тапсырылды.

Ташкент қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшысы Беҳруз Олимов ҳәм Ферғана қаласындағы Президент мектебиниң оқыўшысы Сардор Анваров “Honourable mention” ҳүрмет жарлығы менен сыйлықланды.
Бул жетискенликлердиң тийкарында жүдә көп пидайы устазлар, атап айтқанда, команда сәрдары, Ташкент қаласындағы халықаралық Вестминстер университетиниң аға оқытыўшысы доктор Темур Маҳкамовтың да тынымсыз мийнети жатыр. Бул қәниге финалшыларды таңлап алыў, шынығыў шөлкемлестириў, жасларымызды руўхландырып, халықаралық дәрежеде таярлаў бағдарында жанкүйерлик көрсетти. Усы тәризде жетик билим, күшли таярлық арқалы Өзбекстан командасы тарийхый нәтийжеге еристи. Маҳкамовтың пикиринше, экономика пәнине қызығыўшылықты күшейтип, және де жоқары шеклерди қолға киргизиў мүмкин.
– Аймақлардағы барлық мектеплерде экономика пәнине итибар, Олимпиадаға таярлық күшейсе, нәтийжелеримиз және де жоқары болады, – дейди доктор Темур Маҳкамов. – Елимизде зийрек, өз алдына жоқары мақсетлер қойған балалар оғада көп. Оларды дурыс бағдарлап, қоллап-қуўатласақ, елимизден халықаралық көлемдеги илимпазлар жетисип шығыўы сөзсиз. Биз зәрүр оқыў материалларын усыныўға таярмыз. Ең әҳмийетлиси, мектеплер усы пәнди раўажландырыўға айрықша итибар қаратыўы керек.

Айтпақшы, жәмәәтимиз қурамындағы 5 қатнасыўшыдан төртеўи Қаршы қаласындағы Президент мектебинде билим алады. Бул илимий дәргайдың экономика пәни оқытыўшысы Ўктам Хўжақуловтың мийнетлери айрықша итибарға ылайық. Әйне ол оқыўшыларға илҳам берип, оларды терең таярлаған, халықаралық майданда бәсекиге шыдамлы дәрежеге жеткерген. Сондай-ақ, Пән олимпиадалары орайының директоры Тўрабой Шерматовтың ҳәкимшилик қоллап-қуўатлаўы да айрықша әҳмийетке ийе болды. Орай тәрепинен көрсетилген шөлкемлестириўшилик жәрдем себепли ўәкиллеримиз Олимпиадада толық таярлық пенен қатнасты.
Халықаралық Экономика олимпиадасы ҳәр жылы 16-20 жас аралығындағы ең қәбилетли оқыўшыларды бирлестирип, олардың экономикалық пикирлеў, финанслық саўатлылық ҳәм турмыслық экономикалық машқалаларды шешиў бойынша билимин сынақтан өткереди. Бул реттеги Олимпиада елимиз ушын тарийхый әҳмийетке ийе болды: биринши мәрте еки медаль – гүмис ҳәм бронза және қаржы бойынша айрықша итибар менен улыўма есапта жоқары нәтийже. Бул экономикалық билимлендириўди раўажландырыў, муғаллимлердиң мийнети, миллий дәрежеде қоллап-қуўатлаў ҳәм жетекши қәнигелерге итибардың нәтийжеси болып табылады.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА