Австралия балалары ушын YouTube қадаған етилди

109

Австралия дүньяда биринши болып «YouTube» социаллық тармағы жас өспиримлер ушын қадаған етилетуғынын айтты. Енди видео алмасыў платформасынан азат етиў ҳаққындағы алдынғы қарар бийкар етиледи. Бул ҳаққында «Arab News» хабар берген.

Материк-мәмлекеттиң Интернетти қадағалаў шөлкеми өткен айда ҳүкиметти усы тармақ ушын усыныс етилген еркинликти бийкарлаўға шақырды. Себеби, бул структура өткерген изертлеў 10-15 жас аралығындағы балалардың 37 проценти усы тармақта унамсыз контент көргенин анықлаған.

«Мета» қурамындағы басқа социаллық медиа компаниялары «YouTube» қадаған етилиўи әдалатсыз екенин атап өткен.

– Социаллық тармақ белгили бир жуўапкершиликке ийе ҳәм сөзсиз, ҳәзирги ўақытта онлайн платформалар балалардың санасына унамсыз тәсир көрсетип, жәмийетке социаллық зыян жеткермекте, – деди Бас министр Энтони Альбанезе өзиниң билдириўинде. – Австралиялы ата-аналар бизиң бул мәселеде қатаң көзқарасқа ийе екенимизди билиўин қәлер едим.

Өткен жылы ноябрь айында парламент қабыл еткен нызамды бузған социаллық медиа структуралары декабрь айынан баслап 32,2 миллион долларға шекем жәриймаға тартылған.

«YouTube»тиң ўәкили компания кейинги қәдемлерди көрип шығатуғынын, ҳүкимет пенен бирге ислесиў даўам ететуғынын билдирген:

– Ҳүкиметтиң онлайн зыянды сапластырыў ямаса азайтыўға қаратылған мақсетин түсинемиз. Бизиң көзқарасымыз да анық: «YouTube» – бийпул, жоқары сапалы мағлыўмат топламына ийе видео алмасыў платформасы, социаллық медиа минбери емес.

Байланыс министри Аника Уэллстиң пикиринше, онлайн ойын ҳәм хабар алмасыў қосымшалары, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў сайтлары 16 жасқа шекемги жас өспиримлер ушын социаллық тармақларға қарағанда аз зыян жеткереди. Бул бойынша тийисли қағыйдалар нызам менен тәртипке салынады.

– Қағыйда – умытылатуғын сөзлердиң жыйындысы емес, топлам ҳәм сүйениши болып табылады, – деген Уэллс.

М.Пирматова, ӨзА