Өзбекстан Европа әҳмийетли шийки зат альянсына қосылды

130

Дүнья критикалық минераллар бойынша жаңа дәўирге кирди. Өзбекстан да бул процесслер орайында болыўға умтылмақта.

Өткен жылы мәмлекетимиз Европа Аўқамы менен әҳмийетли шийки зат тараўында бирге ислесиў бойынша келисимге қол қойған еди. Енди болса және бир үлкен қәдем тасланды – Өзбекстан технологиялық металлар комбинаты Европа әҳмийетли шийки зат альянсына рәсмий түрде ағза болды. Бул бизиң глобал базардағы орнымызды және де беккемлейди.

Европа әҳмийетли шийки зат альянсы Европа санаатының ресурс сиясатын белгилейтуғын ең әҳмийетли платформалардан бири болып, ол Европа санааты ушын литий, вольфрам, молибден ҳәм сийрек ушырасатуғын жер элементлерин қәўипсиз ҳәм турақлы дәреклерден жеткерип бериўди тәмийинлейди. Бул альянс Европаның жасыл технологиялар ҳәм келешек энергетикасына өтиў процесинде шешиўши күшке ийе.

Мәмлекетимиздиң де бул альянсқа қосылыўы үлкен әҳмийетке ийе. Яғный Европа Аўқамы менен институционаллық қарым-қатнасты және де беккемлеў, әсиресе, шийки затты терең қайта ислеў, сапа стандартларын енгизиў ҳәм экспорт имканиятларын кеңейтиўге, инвестициялық тартымлылықты арттырыўға хызмет етеди. Мәмлекетимиздиң исенимли ҳәм стратегиялық шерик сыпатында халықаралық көлемде тән алыныўына үлес қосады. Европаның технологиялық ҳәм илимий кластерлери, атап айтқанда, Германия, Франция, Финляндия ҳәм Австрияда жайласқан алдынғы орайлар менен биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў арқалы бирге ислесиў кеңейеди.

Сондай-ақ, бул ағзалық Өзбекстан технологиялық металлар комбинатын критикалық минераллар базарында пүткиллей жаңа дәрежеге алып шығыўы күтилмекте. Атап айтқанда, Европа грантлары ҳәм инвестициялары арқалы бул бағдардағы жойбарлар ушын финанслық механизмлер кеңейеди. Европаның алдынғы орайлары менен биргеликте изертлеўлер алып барылады ҳәм инновациялар енгизиледи. Комбинаттың өнимлери халықаралық базарға және де жоқары сапа көрсеткишлери менен шығады.

Европа әҳмийетли шийки зат альянсының директоры Массимо Гаспарон да бирге ислесиўден үмити үлкен екенин билдирди.

Бул ағзалық Өзбекстанды әпиўайы шийки зат жеткерип бериўшиден инновациялық шерик дәрежесине көтереди, деп үмит етемиз.

Моҳигул ҚОСИМОВА таярлады, ӨзА