«Басқарма баслығы кубоги» мини-футбол жарысына старт берилди

108

Қарақалпақстан Республикасында ҳәр жылы дәстүрий тәризде өткерилетуғын мини-футбол бойынша «Басқарма баслығы кубоги» спорт жарысы салтанатлы түрде старт алды.

Бул жарыс Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының басламасы менен шөлкемлестирилмекте. Илажда социаллық қорғаў системасында мийнет етип атырған хызметкерлер, басқармаға қараслы шөлкем ҳәм мәкемелердиң ўәкиллери ҳәм жаслардан ибарат 300 ге шамалас спортшы қатнаспақта.

Ашылыў мәресиминде шығып сөйлеген Социаллық қорғаў миллий агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының баслығы С.Данияров барлық қатнасыўшылар ҳәм мийманларды қутлықлап, жарыстың әҳмийетине тоқтап өтти.

– Бундай спорт илажлары саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўда ҳәм жәмәәтлер арасында аўызбиршиликти беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе. Барлық командаларға жарыста әўмет тилеймен, – деди ол.

Жарыстың дәслепки басқышында топар ойынлары болып өтти. Қызғын беллесиўлерден соң ярым финал жолламасын қолға киргизген командалар төмендегилер болды:

Қанлыкөл районы командасы

Әмиўдәрья районы командасы

Нөкис районы «Инсан» социаллық хызметлер орайы жәмәәти

Шымбай «Мүриўбет» ерлер интернат үйи жәмәәти.

Шөлкемлестириўшилердиң атап өтиўинше, жарыс тек ғана спортшылардың шеберликлерин көрсетиў емес, ал командалық руўх ҳәм дослық орталығын және де күшейтиў мақсетин де гөзлейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги