Өзбекстан ҒМДА Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлер аралық кеңесине ағза болды

Мәмлекетимиз басшысының қарарына тийкарланып, Өзбекстан Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы (ҒМДА) Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мәмлекетлераралық кеңесин дүзиў ҳаққындағы келисимге рәсмий түрде қосылды.
Қарарға бола, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын жуўапкер уйым сыпатында белгиленди ҳәм Агентлик директоры кеңес ағзасы етип тайынланды.
Кеңес ҒМДА Мәмлекет басшылары кеңесине есап береди ҳәм мәжилислери жылына кеминде бир мәрте өткериледи.
Кеңестиң тийкарғы ўазыйпалары қатарына коррупцияға қарсы гүресиў бойынша мақсетли бағдарламалар ҳәм усыныслар ислеп шығыў, ағза мәмлекетлер арасында мәлимлеме алмасыўды жолға қойыў, коррупцияға қарсы гүресиў тараўында кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, биргеликтеги илимий-изертлеў жумысларын шөлкемлестириў арқалы коррупцияға байланыслы машқалаларды шешиў сыяқлылар киреди.
Мәмлекетимиздиң бул кеңеске ағза болыўы коррупцияға қарсы гүресиў бойынша жыллық стратегияны және де беккемлеў, бул бағдардағы нәтийжелиликти арттырыў ҳәм халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға хызмет етеди.
Н.Абдураимова, ӨзА