Шөлиркеў

271

Новелла

Қудық басына келип, атына бир шелек суў тарттырып торы төбелдиң  суўды симирип ишип турғанына қарап турған жигиттиң  көзи анадайда ийнағашын ийнине салған  келиншекке түсти. Келиншек жейран жүрис пенен  адымлап келе берди. Көздиң ўазыйпасы қараў емеспе? Жигит  қудық басына жақынлаған келиншекке тамсана қарады.

-Кимниң келиншеги екен? Өзине буйырсын!,-дегенин билмей қалды.

Келиншек бардамлы жердиң я қызы, я келини деп пәмледи атлы жигит

Жигит келиншекти бир жерде көргендей болды,я дына түсире алмады,соның арасында келиншек ийнағашын ийнинен түсирип,хүрмет-иззет пенен;

-Сәлем бердик,аға,деди орташа даўыс пенен.

-Сәлемиңди әлик алдым қарындасым. Атыма суў ишкизип турып едим, жәниўар шөллеп қалыпты. Шелегиңнен суў тартып берсең, атымды биротала суўсынлатып алайын, деди көз астынан  телмире қарап.

-Мейлиңиз аға! Ат жарқылық шөлге шыдамлы жәниўар ғо.    Қара суў, қара тер болыпты, ат сабылтып, узақтан келдиңиз аў шамасы?

-Таптың қарындасым. Шымбайдан шыққаныма недәўир ўақыт   болды, шылбырды бос қойып, еркин өзине қойып бердим. Торы төбелдиң арқасы қозып,бир шаўып бердиме де. Өзим де күн барында кеңсеге жетейин деп нийет етип едим.

-Кешлетип не қып жүрсиз қарындасым,  сизди кешлетип суўға  жиберген күйеў я жарым ес,я намысы жоқ әлжуўаз биреўди дағы…

-Ағажан, өй дей гөрмең!  Күйеўим мақсым жигит, ана шоғыр терек бизиң мәкан болады. Қарый атаның келини боламан. Атыңыздың шөли қанды, шылбырын тартың. Күн барында менде үйиме жетейин .

-Сиздей келиншек бул дөгеректе кимниң сәўер яры екен, сизге ылайық қайсы палўан бар екен деп ойланып турғаным еди.

-Ағажан, аса қатты кетпеңиз, ҳәр кимниң өз  теңи бар,  хәр кимниң бир дәрти бар. Суўға келген келиншеклерди шотлай берсеңиз, өзиңизге де  ылайық болмас.

Торы төбелли ернин қымды,  рас аў қудық басында ҳәр кимниң келиншегине көз тиге бериў    инсапсызлық. Қала берди қудық басына шөлиркеген келеди.

Шөлиркеген дедим бе? Ойына келген сөз көкейин кести де турды. Енди сөйлеў артық болатуғынын сезди де келиншекти бақлады.

Япырмай, бунша сулыў бул келиншек, ерни қаймақтай, жүзи айдай, шашы мийиздей қара, оннан қала берди еки өрим етип артқа таслапты. Қызыллы жасыллы пөпекти желемикке қосып өрип, шашына бар салтанатты енгизипти. Кийген кийими шап-шақ,нағыслы қара камзолдың бели қынама, қарсы илгек пенен илип, белин қынай түсипти.

Келиншек еки шелекти  ийнағашқа илдирип, жеңил ийнине қағып салды да жылдамлатып жүре баслады.

Жигит  бундай арыўды, жуўабый нашарды көптен берли ушыратқан жоқ еди, жүрегинен дыз етип от шағылғандай болды. Даўысының сыңғырлап турғанын айт!

Келиншек әдеўир жерге барып қалыпты. Жигит торы төбелге ғарғып минди де,   келиншектиң изинен шаба жөнелди. Тусынан өтип баратырып;

-Ертең усыннан сәл ертерек қудық басында күтемен, деди ентигип.

Жигиттиң ойына келиншектиң ийеси бар аў, деген ой келипте шыққан жоқ. Бәри қас қағымда, жигиттиң еркинен тыс болып еди.

-Мынадай сулыў менен жасаған жигиттиң  не әрманы бар екен, деп даўыслап айтып жибергенин өзи сезбейде қалды.

Қәпелимде оңы, яки түси екенин ажырата алмай, торы төбелли ат үстинде бул бир сәттиң өткинши леп екенин я, жүрегинен сол жәнанның урып кеткенин биле алмай тур.

Торы төбелли қудық басынан узақлады. Неге келгенин, кимге келгенин умытты.

Көз алдынан ийнағашлы келиншек кетпеди…

Япырмай бала, жолымда сонша қыз бойын таслап турыпты, келип-келип биреўдиң қатынына көз салғаным не, оның менен турмай, ертен ушырасайық дедим. Қатырдым, деп өзиниң етин өзи жегени менен сол келиншекти және көргиси келе берди. Еркекке тән қуштарлық шығар?! Желигип-желигип басыларман. Өзине-өзи ақыл айтқан жигит аўыллық кеңсеге қарап жүрип кетти. Фаныс шыраның жақтысында жумыс ислеп отырған еки жигит ат дүбирлисин еситип, далаға жуўырып шықты.

-Сизди келеди дегенге кеңсе ҳүжжетлерин тақластырып отыр едик. Енди кешикти келмейди-аў деп пәмлеп едик.

-Киятырман! Мен ўәдениң адамыман. Ертең райкомда бюро болады. Соған колхоз ағзаларыңыздың толық есабын бериўиңиз керек, жан басына шаққанда районға келип атырған азық-түликтиң орташасын шығарыўым керек. Урыстан кейинги дәўирде  жумыслардың  ҳәўиж алғанының жарқын дәлили халықтың абаданшылығы.

-Болады, ўәкил иним! Бар мағлыўматты жазып таярлап қойдық. Ҳәзир биз бенен жүрип мийман боласыз.

-Яқ аға! Мениң  жумысым питсе еглемең. Еле талай келермиз.

-Сиз түсликтиң жигитисиз. Шымбайда кай жерде жайластыңыз?

-Педучилищениң жатақханасынан орын берди, ҳәзир оқыўшы жоқ екен. Пүткил педучилищеде қараўыл екеўмиз.

Торы төбелли ўәкил керекли ҳүжжетин алды да, фаныстың жақтысында мөрин бастырып, жолға түсти.

Түнде болса, келиншек айтқан шоғыр терекли аўылды  бир айланып өтейин деген ой келди.

Бийтаныс атлы арба жол менен атты асықтырмай, бир тегис жүрис пенен киятыр. Тап сол жол менен үлкен жолға шықса болады.

Жатар алдынан дөгерек-дашты бир көрип шығатуғын ғарры  атаның нәзери атлыға түсти. Атлы аўыл тусынан өтип кеткенше изинен қарап турған ғарры;

-Кешлетип шыққан қонақты дағы. Жүрисине қарағанда асығыс еместей. Топшылады ғарры.

Келиншек хожалық ғалма-ғалынан қолы босар емес. Мақсымның есиги жеңил емес. Күни менен  биреў келди, биреў кетти. Нәренжан болса да суў-пуў, мал-ҳалға жарайды. Арасында созылма, сылқым аўырыўы тутып қалса, еки-үш күн жатып қалады. Сол ўақытлары орны ошырайып, билинип турады.

– Әйтеўир тири жүргей! Буған бир нәрсе болса ата-енем көтере алмайды. Бары жақсы.

Келиншек еки шелек суўын тындырып,  кир жуўайын деп гүйбеңледи. Қостағы қазанға суўын қуйып, отты әсте жағып қойды.

От қараңғыда дөгерекке тек  жақты берип қоймай, ыссылықта берди. Музлап қалған денесин отқа таплап, ысынғандай болды. Әўели ата-енесиниң кийимлерин басқаға қоспай жуўып алды. Бурыннан солай. Ата-енесин қатты ҳүрмет етеди. Олардың алдында артық аспай сөйлепте көрген жоқ.  Жаслығыма, тәрбиясыма, мақсымның  хожалығына сиңип кетти.

Шынжырма-шынжыр улама әўладынан қалған жалғыз Убайдулла. Ағайын-туўғаны Иранға кеткенде нәренжан баласын көп ойлады. «Жалғыз баламның денеси шөлде қалар, узақ сәббеге жарамайды, тамағынан өтсем, кеңес  хукимети мени жей қойсын»-, деп маңлайына қайыл болып қалып еди мәканда. Кеңес ҳүкимети буны жемеди, паллаққа аспады. Ҳәўли-ҳәремин тартып алды да аўылдың ооо шетине, кебир жатқан алаңлыққа қосын тиктирди. Сонда жалғыз улы Жандулласы жети жасар бала еди.

Шүкир аў! Топырақтан тысқары болсаң, бәриниң илажы болар екен. Имарат көтерди, бағыў-ҳәрем етти. Убайдулла мақсымның  елтиси басқа көтермеди. Өзинен үмитти үзип, усы жалғыз түйирди үйлендирип еди. Анаў-мынаў емес, аппақ айдай он беске жаңа ғана қәдем басқан Айданаға. Ҳоо, ана аўылдағы баслықтың қарындасына.

Баслық яқ дей алмады. Кеңес ҳүкиметиниң колхоз  баслығы болғаны менен, қәлбинде дин әҳлине  ҳүрмети бәлент еди дә…

-Ықлас қалас деген туўысқаным! Не дейсең?  Яқ десең де тураман. Яқшы десең Алла разы болар туўысқаным.

Ышқы не, күйеў не Айдана парқына түсинбестен    ағасының бир аўыз сөзин жықпастан кете берди.

Қуў тиришилик даўам етер еди. Таңның атысы, күнниң батысы. Келим-кетим. Қазан оттан түспес, шәўгимде суў пақырлап қайнап турар…Ата-енениң алдына шыққан емес, бәрҳә кирпик төменде. Қыз болып енди жетилисип киятыр. Көкиреги аўыра берди, сөйтсе түртийип енди е….к билинген екен. Бели аўырып, шойырылып қалды бир күни,  ишинен шаншыў қатып шыдатпас. Қыз болғанның белгилери екен аў.

Атасы Убайдулла да, енеси Ымсынай да ишлеринен аўыр гүрсинеди. Әлжуўаз баласының усы келинниң кеўлин алып жүргенине шубҳаланады, бирақ тис жарып, сыртқа шығарыўға қаймығады.

Сөйтип жүргендеги ғо мынаў көримлик.

Қоста Айдана кир жуўыўын даўам етер еди, ата-енесиниң кийиминен кейин күйеўиниң кийимин суўға салар екен, селқос жуўа баслады. Жүреги өзине бағынбас, әлле нәрсени күсей берди.

Ыңылдап қосық айтқанын сезбей қалды.

Есигимниң алды қатар салмады,

Бизиң ярдың балалығы қалмады,

Балалығы қалмағанын  соннан бил,

Журт қатары келип хабар алмады.

Атасының әдети бар. Ийт үрсе қора беттен, мал-ҳалдан хабар алады. Көзинен өткерип, ергенеклерди муқыят байлайды.Таўық қора, мал қора, ешки қора, ҳәттеки қостың есигин де дыққаттан шетте қалдырмайды. Ийт кирип кетер деп қостың тәмбисин басады.

Кир жуўып атырған келинниң ыңылдысы қулағына тал-тал еситилди.

Қызыл гүл дегениң қырман емеспе,

Қыз бала дегениң  мийман емеспе,

Әкемниң үйинде сүрмеген дәўран,

Жат елге барғанда әрман емеспе.

 

Убайдулла ғаррыға баласының ҳалы аян. “Келинимниң мини жоқ, айып өзимде. Нәресте еле гүнасыз аў. Көтермеди деп кемпирим қыңқылдайды. Ол нени сезсин! Қаяқтан көтереди. Улым ҳәлсиз болса?” Басқа  ойлаўға тақаты жетпеди. Жаманы жаўдың басына! Қой, кеўлим, қой! Еплеп балама қосенет болып жүрсе болар!

Деген менен ғаррының жүреги урып кетти. Кешеги белгисиз атлының келиниме таныслығы жоқпа екен? Келинниң кеўли хәўлирип тур ғой. Маңлайым қурып қалмаса болғаны ғо. Қостағы ыңылды даўам етти.

Ортады, ортады, бойым ортады,

Сары майдан  сырқып алған торқады,

Оң жақтағы қалыңлығы турғанда,

Шеп жақтағы саллақыға жортады.

Бул неси? Күйеўине исенимсизлик барма, я кеўли толмай жүрме екен…

Ғарры дөңбекшип, тоқсан ой торабында таңды атырды.

Келиншекте уйқы жоқ. Бағана ата-енесиниң тәҳәрет суўын жылытып бергеннен ояў. Шубатылған ой қыйнайды. Таң саз берип атажақ. Ат үстиндеги жигит қыялынан кетер емес. Жасы отызлар шамасында аў. Атқа қонып отырысын айт! Палўан денели болса керек. Бизиң дөгеректеги адамларға уқсамайды. Төрткүл шәҳәринен болса керек, тилин сәл бурып сөйлейди екен. Неде болса, нағыз жигит екен! Келиншек тамсанды.

Келиншек бирден өз ойынан шоршынды. Күйеўине жалт қарады. Еки аяғын баўырына алып, тоңғандай бүрисип атыр.

Ашыўы келди. Ер деп ер емес, жер деп жер емес. Келиншегим екен деп бир қарап, баўырына баспаса?! Уят деп бәрине көнип киятырман. Жасым әйне жигирмада екен. Ышқы отына түсип көрмеппен ай. Не нәрсе екен ышқы деген?

Келиншектиң күнделикли тиришилиги даўам етти. Азанда ерте сыйырды саўып алды, саўған сүтин сапырып писирди. Малларды падаға қосыў ушын күйеўи Жандуллаға;

-Бүнин кешегиге қарағанда жақсы уйықладың, алдыңғы күни мазаң жоқ еди. Тура ғой, малды алдыңа салып берейин. Үйирге қосып келе ғо, десе;

-Өзиң ақ қосып жиберсе. Диңкем болмай тур,-дейди.

Келиншек енди күйеўине ала көзленип, тесирейип қарады.

Арық, жуўас, әлжуўаз, ийни бир жаққа қыйсайыңқыраған, сақал-мурты өсиңкиреп кеткен.

Усы да бай болып! Әдира кетсин! Я байға жарамайды, я малға жарамайды.

Қағыныңқырап-силкиниңкиреп, тырқыратып қуўып мал-ҳал, қой-ешкини аўылдың падасына қосты. Қолында шыбығы. Келе сала сүт қазанның қасындағы кишкене қазанға ата-енесиниң жармасын таярлады. Қара қуманды қозға қалап,  пақырлатып, шайын қайнатты. Даладағы сыпаға дастурхан жайды.

Ишин жайлаған түтин алысыўды даўам етпекте.

Ене аңламады да, атасы келинниң басқан адымын қалт жибермей отыр. Келинниң аяқ алысында өзгерис бар екенин бағана қой-ешкини шырпылдатып урғанында сезе қойды.

“Бизиң ләмсер бүгин де ўақтылы тура алмады аў, жарамады балам, жарамады.

Келиннен айрылып қалмасақ болар еди. Бир Бийпатпаның туқымы бул. Әңгиме бизиң жалғызда болып тур аў.”

Атасы суўытып, шай ишиўин даўам етти. Елти болса, екеўине жалтақ, еринен алдын гәп баслаўға хәдди сыймай отыр. Тәртип солай.

Шай-халқастан кейин ғарры ҳәўизге таза суў жибериў ушын арнаның тоғыртқасын ашыўға кетти. Хәўизде өршитилген балық бар. Балықсыз болмайды. Ҳәўизде балық бағыў аңсат емес. Тез-тез таза суў ашып, гөне суўды қашырыў керек. Майда балықлар қашырғанда кетип қалмаў ушын тор салады,  болмаса, балықтан айрылып қалады. Күнине бир-еки мәрте мәкке, сулы шашып азықландырады. Мине ғаррыға гүйбеңлеп күнде жумыс табылады.

Кешеги жалғыз атлы усы жолдан өткени ғаррының  және ядына түсирип, мазасын алды. Бул аўылға неге қайрылды, үлкен жолға туўрылап шыққанда болмаспа еди? Кимде шарўасы бар еди?  Ой түбине жете алмаған ғарры азан менен тоңыртқаны ашыў ушын муздай суўға түсти, денеси,  жүреги қысқаннан, суўық суўды да аңлар емес. Ҳәўирин суўық суў басқандай.

Кемпири де қуры отырмай, бүгин қаяқтағы жабағы жүнлерди шығарып, түтиўге киристи.

Кемпир ғаррысының дым үндемегенин масыл улының бүгинде жатқанына ,ўақтында турмағанына қапа болды аў деп түсинди.

Келин, ата, ене бир-бирин аңлығандай ләм-мим демеди. «Неде болса, атам-енем аман болғай! Аллатаалам дурыс жолды силтегейсең»  дейди келин. «Жалғызымның өскенин-өнгенин көргеймен»,  дейди ене. «Келинимди Алла көпсинбесин. Ана баланы сүйреп жүргендей, буған ақыл-ес, сабыр-тақат бергей!»,-деп ғаррының еки қолы жағасында.

Кешке таман келин қолына ийнағашын алып, я жүрерин, я қаларын билмей ойланды, ақыры еки шелекти қыстырды да қудыққа қарап жол алды. Қудықтың басында жалғыз атлы күтип тур еди…

Суўға кеткен келинниң келе қоймағанын ғарры да, кемпир де сезди, ғарры жампаңлап қудық басына жүгирди. Суўы жоқ еки шелек қаңтарылып тур еди. Ийнағаш ийесин күткендей  жерде бүгилип жатыр еди… Сорлы ғарры сорына сорпа төгилгенин сезе ғойды. Тек эҳ деўге күши жетти, қатты-қайырым  бир сөз айтып қойыўдан өзин тыйды…

 

  Эпилог

 

Шораханлы қайшылы урыўының жигити сол дәўирдиң нағыз азаматы еди.Урыста қан кешкен жигит, парахатшылықта өз бахтын усылайынша тапты. Олар бир-бирине ҳәр демде  ашық болып көп жыл жасады, бирақ Алла таалам оларды бир тырнаққа зар етти…

Оралхан Сапарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги