Өзбекстан арқалы арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити ушын руқсатнама мүддети создырылады

169

Сенаттың жалпы мәжилисинде “Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында”ғы нызам көрип шығылды.

Нызамды додалаў процесинде мәмлекетимиз мәплерин қорғаў ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў тараўындағы жәмийетлик қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың турақлылығын тәмийинлеў сапасы ҳәм нәтийжелилигин арттырыў дыққат орайында екени атап өтилди.

Халықты ҳәм аймақларды тәбийғый және техноген характердеги айрықша жағдайлардан қорғаў тараўында анық мақсетке қаратылған кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Соның менен бирге, арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити менен байланыслы рухсатнамаларды бериў тәртибин әпиўайыластырыў, сондай-ақ, климат өзгериўи менен байланыслы тәбийғый апатшылықлар қәўпин азайтыў ҳәм айрықша жағдайлар нәтийжесинде жеткерилген зыянды баҳалаў механизмлерин анық белгилеў зәрүрлиги жүзеге келмекте.

Әмелдеги “Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити ҳаққында”ғы нызамда транзит руқсатнамасын бериў ямаса оны бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарар арза алынған күннен баслап 30 күннен аспайтуғын мүддетте қабыл етилиўи, зәрүр жағдайларда болса бул мүддет создырылыўы мүмкин екенлиги белгиленген.

Усы мүнәсибет пенен нызам менен “Арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити ҳаққында”ғы нызамға транзит руқсатнамасының әмел етиў мүддети көби менен 90 күн етип белгиленбекте.

Әмелдеги нызамшылықтағы бослықларды сапластырыў мақсетинде транзит рухсатнамасын бериў ямаса оны бериўди бийкарлаў ҳаққындағы қарар арза алынған күннен баслап жигирма күннен аспаған мүддетте қабыл етилиўи нәзерде тутылып, бул мүддетти создырыўға тийкар болатуғын жағдайлар ҳәм создырыў мүмкин болған мүддет шегарасы анық белгилеп қойылмақта.

Нызам менен “Халықты ҳәм аймақларды тәбийғый және техноген характердеги айрықша жағдайлардан қорғаў ҳаққында”ғы нызамға да тийисли өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Сенаторлар мақуллаған нызам арнаўлы жүклер ҳәм әскерий қурамлардың транзити көлемин арттырыўға, халықты ҳәм аймақларды айрықша жағдайлардан қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салыўдың ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге хызмет етеди.

Н.Абдураимова, ӨзА