Қарыйдарға товар белгиленген мүддетте тапсырылмаса сатыўшы пеня төлейди

Усы жыл 31-июльда қабыл етилген ӨРН-1078-санлы нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
Нызам ҳүжжетлерине киргизилген қосымшаларға бола, сатыўшыларды алды-сатты шәртнамасында көрсетилген миннетлемелерди өз ўақтында орынлаўға ийтермелейтуғын нормалар белгиленди.
Атап айтқанда, сатыўшы алды-сатты шәртнамасында көрсетилген мүддетте товарды тапсырыў бойынша миннетлемесин орынламағанда, кешиктирилген ҳәр бир ўақыт бирлиги ушын миннетлеме орынланбаған бөлегиниң 0,5 проценти муғдарында тутыныўшыға пеня төлеўи нәзерде тутылды.
Бирақ онда пенияның улыўма суммасы тапсырылмаған товар баҳасынан асып кетпеўи керек.
Сондай-ақ, нызам менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске ишки ислер уйымлары хызметкери ҳәм Миллий гвардия әскерий хызметкериниң нызамлы талапларын орынламаўға байланыслы ҳуқықбузарлықлар ушын жаза илажларының күшейтилиўин нәзерде тутатуғын қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилди.
Буннан тысқары, нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерислерге бола, барлық азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыўда тек ғана йодланған дуздан пайдаланылыўы белгиленди,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги