Өзбекстан ҳәм Франция: дипломатиялық паспорт ийелери қысқа мүддетли виза талапларынан өз-ара азат етиледи

Усы жыл 30-июльдағы “Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында”ғы Президент қарарына бола, 2025-жыл 12-март күни Париж қаласында қол қойылған айырым халықаралық шәртнамалар тастыйықланды.
Олар:
– Өзбекстан Ҳүкимети менен Франция Ҳүкимети арасында дипломатиялық паспорт ийелерин қысқа мүддетли виза талапларынан өз-ара азат етиў ҳаққындағы келисим;
Өзбекстан Ҳүкимети менен Франция Ҳүкимети арасында рәсмий ўәкилханалар хызметкерлериниң шаңарақ ағзалары тәрепинен ҳақы төленетуғын жумысты әмелге асырыў ҳаққындағы келисим.
Сыртқы ислер министрлиги усы халықаралық шәртнамаларды әмелге асырыў ушын жуўапкер ўәкилликли уйым етип белгиленди.
Министрлер Кабинети және тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке киргеннен соң белгиленген тәртипте оның қағыйдаларының әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги