“Әҳмийетли 90 күн” шеңберинде илажлар даўам етпекте

Жас әўладтың руўхый жетиклиги, билим ҳәм көнликпелерге ийе болыўы жәмийет раўажланыўының әҳмийетли факторларынан есапланады. Усы көзқарастан, билим алыў ҳәм кәсип-өнер үйрениўге бағдарланған әмелий илажлардың шөлкемлестирилиўи айрықша әҳмийетке ийе. Быйылғы жылдың жаз мәўсиминде де бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилмекте.
“Әҳмийетли 90 күн” басламасы шеңберинде Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты жәмәәти тәрепинен “Студентлер жазғы дем алыў орайы”нда дем алып атырған жаслар ушын бир қатар ушырасыўлар, тренинглер, мәдений-ағартыўшылық илажлар ҳәм спорт жарыслары өткерилмекте, – деп мәлим етеди НМПИ Баспасөз хаткери И.Матеков.
Бул илажлар арқалы жаслардың билимлендириўге болған мүнәсибети, олардың илимге қызығыўшылығы, келешекте ийелеп атырған кәсип-өнерлери бойынша басламалары ҳәм белсене қатнасыўлары анық көзге тасланбақта.
Атап айтқанда, Мектепке шекемги билимлендириў факультети жәмәәти жаслар менен сәўбет кешесин өткерип, олардың билим алыўы, илим менен шуғылланыўы ҳәм кәсип-өнер сырларын ийелеўи бойынша қызығыўшылықлары, басламаларын тыңлады ҳәм зәрүр мәсләҳәтлерин берди.


Шөлкемлестирилген бундай илажлар жаслардың өз үстинде ислеўи, билим алыўы ҳәм келешекте өз орнын табыўына үлкен түртки болып атырғаны сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги