Мәрт шахматшыларымыз Ҳиндстанда табысқа еристи

Ҳиндстанның Гоа қаласында физикалық имканияты шекленген шахматшылар арасында өткерилген ХХIV Жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы ағзалары 5 медальға ийе болды.
Кеше Халықаралық шахмат федерациясы системасындағы шөлкемлер ҳәм Ҳиндстан паралимпия комитети менен биргеликте шөлкемлестирилген жәҳән чемпионатында мүнәсип қатнасқан ерк-ықрар ҳәм мәртлик ийеси болған шахматшыларымыз Ташкент халықаралық аэропортында салтанатлы күтип алынды.

Сыйлық қоры 15 мың АҚШ долларын қураған жәҳән чемпионатында 16 мәмлекеттен 89 жигерли шахматшы қатнасты. Олар менен болып өткен беллесиўлерде сайланды командамыздың ағзалары Уролбек Нормўминов рапид бағдарында алтын, стандартта гүмис, Абдураҳмон Азимжонов стандарт ҳәм блиц бағдарында бронза, Нурмуҳаммад Эргашов рапидте бронза медальларына ийе болды.
Күтип алыў мәресиминде атап өтилгениндей, мәрт пара шахматшыларымыздың бул табысы Өзбекстан жасларының ақыл-ойының қаншелли жоқары екенинен дәрек береди.
Т.Рўзиев, ӨзА