Депутат Төктаў МПЖда сайлаўшылары менен ушырасты

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитети баслығының орынбасары Б.Алдамуратов Нөкис районындағы Төктаў мәкан пуқаралар жыйындағы мəҳəлле жетилиги менен ушырасты.
Онда аймақты социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм бәнтликти тәмийинлеў бағдарында мәмлекетлик дәрежеде қаратылған итибар, мәмлекетлик бағдарламалардың мазмун-мәниси, елимизде исбилерменлер ушын жаратылып атырған жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Сондай-ақ, аймақтағы исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери, пуқаралар менен сәўбетлесиўлер өткерилип, олардың мүрәжатлары, пикир-усыныслары да тыңланды.
Халық ўәкилиниң райондағы ушырасыўы 1- санлы улыўма билим бериў мектебинде даўам етти.
Ушырасыўда депутат Б.Алдамуратов кейинги жыллары мәмлекетимизде билимлендириў тараўына қаратылып атырған итибар, нызамшылықтағы соңғы жаңалықлар, жаңадан қабыл етилип атырған нызамлардың мазмун-мәниси ҳәм әҳмийети бойынша сөз етти. Сондай-ақ, усы билим дәргайында оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, жасларымыздың сапалы билим алыўы, олардың жетик маман кадрлар болып жетилисип шығыўында педагог устазлардың да айрықша мийнети бар екенлигин атап өтти.
Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, бүгинги күнде бул билим дәргайында 986 оқыўшы билим алмақта. Қуўанышлы тәрепи мектеп жәмәәти, оқыўшылар да спорт жарысларында әсиресе “Кеўилли старт” (Весёлый старт) спорт ойынында бир неше мәрте Өзбекстан чемпионы болғанлығы мақтаўға ылайық.
Депутаттың кейинги мәнзили район аймағындағы 2018-жылдан берли “Қуяшта қақланған экологиялық таза органикалық помидор ислеп шығарыў ҳәм экспортты кеңейтиў” жойбарын әмелге асырып атырған “Биогумус” фермер хожалығы болды.
Бүгинги күнде фермер хожалығында 60 гектар майданда Италияның «Сан-Марсано» помидор сорты жетистирилмекте. Жылына 1,2 мың тонна жалпы өним алынады ҳәм 110 тонна қайта исленген (қақланған) органикалық помидор өними ислеп шығарылады. Бул помидор сорты қақлаў ушын мөлшерленген болып, Италиядан импорт етиледи ҳәм органикалық төгинлер менен байытылған жерлерде жетистириледи. Буннан тысқары, бул сорт Аралбойының қурғақ ҳәм ыссы климат шараятында жетистириў ушын қолайлы болып есапланады. Фермер хожалығы тәрепинен қайта исленген помидор өнимлери Ecocert organic standart ҳәм ИСО 22000:2018 халықаралық сапа сертификатларына ийе. Ҳәзирги ўақытта кептирилген органикалық помидор өнимлери Италия ҳәм Франция мәмлекетлерине ҳәр бир килограмы 5,5-6,2 доллардан экспорт етилмекте.
Сәўбетлесиў даўамында депутат фермер хожалықтың жумыслары менен жақыннан танысып, исбилерменниң алдағы реже ҳәм мақсетлерин, пикир-усынысларын тыңлады.




Депутаттың ушрасыўлары орынларда даўам етмекпе.
Қарақалпақстан хабар агентлиги