Исбилерменлик жумысларын раўажландырып атырған Зульфия

Бүгин елимизде исбилерменлер ушын жаратылып берилип атырған имканиятлардан орынлы пайдаланған Зульфия Қурбанбаева тез арада «Ҳаял-қызлар дәптери» нен шығыўға ериседи. Ол өзи жасап атырған Нөкис районы «Арбашы» АПЖ да ҳәким жәрдемшисиниң жәрдеми менен жеңиллетилген кредит алып, нан ҳәм кондитер өнимлери цехын ашып, исбилерменлик жумысын баслайды. Яғный, өзи ашқан цехта өзи қатарлы жумыссыз ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеп, нан түрлери менен бирге кондитер өнимлерин писирип, таярлап қарыйдарлардың кеўлинен шықпақта.

-2024-жылы жеңиллетилген кредит алып жумыс баслаған болсам, ҳәзир бираз жетискенликлерге еристим. Нан түрлеринен шөрек, буханка, пәтир, сондай-ақ, сомса ҳәм ҳәр қыйлы кондитер өнимлерин писирип, сатыў орынларына буйыртпа тийкарында шығармақтамыз. Қарыйдарлардың да талабы жақсы. Бурын жумыссыз отырған ўақтымда қалай болар екен деп ойланып жүрер едим. Мине енди, «Көз қорқақ, қол батыр»,-дегениндей, тәўекелшилик етип баслаған жумысларым жақсы жолға түсип кетти. Себеби, елимизде Президентимиз тәрепинен исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў арқалы салықларды төлеўде бираз жеңилликлер берилмекте. Сонлықтан да жумыссызбан деп, кеўлин түсирип, бийкар отырған ҳаял-қызларға айтарым, ҳеш қандай екиленбестен жаратылған имканиятлардан орынлы пайдаланып, исбилерменлик жумысларын баслаўды мәсләҳәт еткен болар едим,-дейди Зульфия Қурбанбаева.

Ол өз бизнесин жетилистириў ушын билим ҳәм көнликпелерин жетилистирип, оқыў курсында билим алып, сертификатқа ийе болды. Тәжирийбели исбилерменлердиң жумыс ислеў тәртибин үйренип, олардан алған мәсләҳәтлери ҳәзирги ўақытта жумысында өз пайдасын тийгизбекте. Исбилерменлик жумысын баслағанына көп ўақыт болмаса да өзиниң шаққанлығы менен «Жетекши ҳаял-қызлар клубы» сәрдары болыўға ерискен ол алдағы ўақытта жумыс көлемин кеңейтип, және де бос жумыс орынларын жаратыўды алдына мақсет етип қойған.
Г.Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги