Мақсетлеримиздиң бирлиги, дослық ҳәм аўызбиршилик – раўажланыўымыз тийкары болмақта

30-июль Халықлар дослығы күни
АЎЫЗБИРШИЛИК
Ең жақын достыңыз бенен сәўбетлерде өзиңизди қалай сезесиз? Еркин, шын кеўилден, қәтержам, барыңызды айтсаңыз, барлығыңыз бенен еситесиз. Биз де сондаймыз. Толысамыз, тасамыз, дәртлескенде денемиз жеңил тартады, табысларымызды бөлискенде қуўанышларымыз артады. Гә бир-биреўге нәўбет бермеймиз, гә бир-биреўди тыңлап тоймаймыз. Нақыл-мақаллар, теңеўлер келтиремиз. Узақ-узақ әңгимелер қурамыз. Бирақ екеўимиз еки тилде биреўимиз өзбек, биреўимиз қарақалпақша сөйлесип атырғанымыз қыялымызға да келмейди. Ҳәр ким өз ана тилинде сөйлейди, бирақ ҳәмме бир-бирин түсинеди. Елимизде бундай аймақлар көп.
***
Мен туўылып өскен Төрткүл районындағы Ақбаслы аўылының халқының ярымы өзбек, ярымы түркмен. Балалығымызда биз бәрқулла бетиниң ярымын жаўып жүретуғын түркмен келиншеклерге “гележе” деп мүрәжат ететуғын едик. Бул жеңге, кише дегени. Мектепте өзбек класында болсақ та, биринши ҳәрипти үйреткен, баслаўыш класс муғаллимимиз де түркмен миллетине тийисли Сапармуҳаммед Жумагулиев еди. Өткерилетуғын әдебият, көркем өнер байрамларында нама-қосықларды еки тилде бирдей атқарып кете беретуғын едик. Елимизде бундай билимлендириў дәргайлары ҳәзир де аз емес.
***
Әдеўир кишкене едик. Той-мерекелерде, гейде әйтеўир-ақ үйимиз толып кететуғын еди. Әжағамның үкелери, дайы аталарымыз шаңарағы, перзентлери менен тез-тез мийман болатуғын, сәўбетлеринде бирге өткен балалықларын көп еслейтуғын еди. Бизлер оларды ата деп атайтуғын едик.
Роман атамыздың базарда кишкене ғана дүканы болып, қурғақ мийўе сататуғын еди, Қудайберди атамыз шопан еди. Жайлаўда қой бақты, отаўы да бар еди. Ермахан атамыз қалада жасайтуғын еди. Перзентлери Қазақстандағы институтларда оқыды. Биз атам менен қалаға барсақ, әлбетте, оның үйине баратуғын едик. Қонақ болатуғын едик. Кейин Роман атамызды көриўге базарлайтуғын едик. Ағам екеўиниң гүрриңлери таўсылмайтуғын еди, бул ўақытта мен текшениң үстиндеги мийўелерди әдеўир шашып таслайтуғын едим. Гейде жайлаўға кететуғын едик, Қудайберди атамыз бизлерди қозы гөши пенен сыйлайтуғын еди.
Қулласы, олар менен қазаны бөлек, тәшўиши бир шаңарақ едик. Олар атамды “аға” дейтуғын еди. Ҳәммеси бул дүньядан өтип кеткенше солай болды. Енди еслесем, олардың диалекти бизикинен өзгеше еди. Үйлерине барғанымызда да ҳаялларды басқа миллий кийимлерде көретуғын едик. Қысқасы, биз үлкейгенимизде Роман атамыз тәжик, Ермахан атамыз қазақ, Қудайберди атамыз түркмен екенлигин ҳәм олар бабам менен туўысқан емеслигин сезбеген де едик.
Соңынан, анамның айтыўынша, бабамның әкеси Алланазар баба жоқшылық заманларында оларды өз тәрбиясына алып камалға келтирген екен. Әйтеўир атамның 36 ағайинли бир қазаннан аўқат жейтуғын едик, деген гәплерин еле есимде. Тарийхымызда бундай жағдайлар да аз емес. Себеби, баланың жаты болмайды, деген сөз бүгин жәмийетимизде пайда болмаған. Урыс жыллары халқымыз миллети, дини, келип шығыўына қарамастан мыңлаған балаларды қушағына алғанының өзи буны дәлиллейди.
***
Ана жеримизде әзелден түрли миллет ўәкиллери бир-бири менен дос, қәдирдан болып, аўызбиршиликте жасап киятырғанын дәлиллейтуғын, адамды толқынландыратуғын, сондай-ақ, мақтанышқа толтыратуғын жоқарыдағы сыяқлы мысалларды көплеп келтириў мүмкин.
Ҳәр қыйлы миллетке тийисли болыўына қарамастан бир мәҳәлледе өсип, бир мектепте оқып, бир жәмәәтте мийнет етип туўысқаннан зыят болып кеткенлер қанша. Ана тилинде еркин сөйлесе алса, көркем өнери, мәденияты, қәдириятлары, исеними ҳәм дәстүрлерине садықлығын көрсете алса, өзин ҳеш кимнен кем сезбесе, ҳәр қандай миллет ўәкили ушын буннан артық бахыт бар ма?
Елимизде болса әне усындай орталық жаратылған. Өзбекстанның дүнья көлеминде кеңпейил ел сыпатында тән алыныўы бийкарға емес. Ўатанымызда бүгинги күнде 130 дан аслам миллет ҳәм халық және 16 диний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў, аўызбиршиликли жасамақта. 157 миллий мәдений орай ҳәм 38 дослық жәмийети жумыс алып бармақта.
Мәмлекетимиз басшысының “Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында”ғы қарарында да Ғәрезсизлик байрамына бағышланған илажларды әмелге асырыўда айрықша итибар қаратылатуғын тийкарғы бағдарлар белгилеп берилип, олардан бири сыпатында көп миллетли ҳәм көп конфессиялы жәмийетимиздеги тынышлық, өз-ара дослық ҳәм аўызбиршилик орталығы – бизиң бийбаҳа байлығымыз екени, оны қәстерлеп сақлаў ҳәм беккемлеў бәршемиздиң муқаддес миннетимиз болып қалыўы зәрүр екенлиги көрсетилди.
Ҳәр жылы Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен өткерилетуғын фестивальлар, дөгерек сәўбетлери, дөретиўшилик сөйлесиўлер, көргизбелер, халықаралық конференция ҳәм басқа да мәдений-ағартыўшылық илажлар Ғәрезсизлик байрамы салтанатларына уласып кететуғынын айрықша атап өтиў керек. Бул болса “Өзбекстан – улыўма үйимиз” деген ийгиликли идея жәмийетимизде ҳүким сүрип атырған миллетлераралық татыўлық ҳәм кеңпейиллик орталығының, тынышлық-татыўлықтың әмелий көриниси болып есапланады.
Қарақалпақстан Республикасының өзинде бес – қазақ, түркмен, рус, украин, корейс миллий-мәдений орайлары бар. Олар 2022-жыл январьда пайдаланыўға тапсырылған, барлық шараятларға ийе “Дослық үйи”нде жумыс алып барады. Бул миллий-мәдений орайлар мәмлекет тәрепинен заманагөй техникалық үскенелер, музыкалық әсбаплар, мебель инвентарлары, миллий липаслар менен тәмийинленген.
Бул жерлерде турақлы түрде улыўма миллий байрамлар, фестивальлар, концерт ҳәм ушырасыў кешелери, белгили мәденият ғайраткерлериниң шығыўлары, семинар ҳәм конференциялар өткерип барылады.
Нөкис қаласындағы “Аққуў” комплексинде де қарақалпақ, қазақ, түркмен, қырғыз, башқурт сыяқлы түркий халықлар ҳәм Қарақалпақстан районларының отаўлары тигилген. Оларда туўысқан еллеримиздиң тарийхы, мәденияты ҳәм турмыс тәризи өз көринисин тапқан. Президентимиз өткен жылы 19-20-август күнлери комплекске барғанында “Бизлердиң тамырымыз, тәғдиримиз бир. Мине усындай илажларды көбейтип, биргеликте фестивальлар өткерип, халықлар дослығын және де беккемлеў керек. Миллий өнерлерди сақлап, жас әўладқа жеткериў, бул бойынша шәкиртлер таярлаў, балалар ушын өз ана тилинде китаплар шығарыўды кеңейтиў зәрүр” деген еди. Айтпақшы, комплекстеги ең үлкен отаўдың диаметри 42, бийиклиги 22 метр, соның ушын да Гиннестиң рекордлар китабына киргизилген.
– Қарақалпақстан Республикасында 300 мыңға шамалас қазақ миллетине тийисли халық жасайды, – дейди Қарақалпақстандағы қазақ миллий мәдений орайының басшысы Асқар Умбетаев. – Дослық ҳәптелигине үлкен таярлық көрдик. Тийкарғы илажлар Нөкис қаласы, Елликқала ҳәм Тахтакөпир районларында өткериледи. Бул илажларда Қарақалпақстандағы барлық миллий-мәдений орайлар қатнасады. Әлбетте, уллы мақсет жолында бир ҳәпте даўамында өткерилетуғын фестиваль илажлары халқымызды және де бирлестиреди, аўызбиршилигимизди беккемлейди.
Усы жерде миллий мәдениятлар, көркем өнер ҳәм қәдириятларды тек ғана сақлаў емес, ал кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм раўажландырыўымыз ушын елимизде барлық шараятлар жаратылғанын айрықша атап өтиў керек. Мысал ушын, қазақ халқының ақыншылық дәстүриниң тарийхы узақ жылларға барып тақалады. Оны бүгин жасларымыз да үйренбекте. Жақында жас ақынларымыз Қырғызстан ҳәм Монголияға барып көркем өнерин көрсетип қайтты.
Ҳәзир Қарақалпақстанда 150 ден аслам мектепте 20 мыңнан аслам перзентлеримиз қазақ тилинде билим алады. Ҳәр жылы Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 300, Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 30 кадр қазақ мектеплери ушын таярланады.
Ҳақыйқатында да, елимиздеги билимлендириў мәкемелеринде оқыў-тәрбия процесслери өзбек, қарақалпақ, рус, тәжик, қазақ, қырғыз ҳәм түркмен тиллеринде алып барылмақта, туўысқан тилдеги мектеплерде оқып атырған оқыўшылар мәмлекет есабынан сабақлық ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленбекте.
Жаңа редакциядағы Конституциямыздың 4-статьясында Өзбекстан Республикасы өз аймағында жасаўшы миллет ҳәм халықлардың тиллери, үрп-әдет ҳәм дәстүрлери ҳүрмет етилиўин тәмийинлейди, олардың раўажланыўы ушын шараят жаратады, деп қатаң белгилеп қойылған. Бүгин елимизде жасайтуғын туўысқан халықлар тек ғана өз ана тилинде сөйлеспейди, ал оқыйды, дөретиўшилик етеди, оны раўажландырады.
Бүгин диярымыздың қайсы мүйешине бармаң, елимизде жасап атырған түрли миллет ўәкиллериниң шадлы қосықлары жаңлап атырған салтанатлардың гүўасы боласыз. Мәмлекетимизде Халықлар дослығы күниниң кеңнен белгилениўи де әзелден қәдирлеп киятырған дослық деп аталатуғын муқаддес байланыстың және де беккемлениўине хызмет етпекте.
Аўызбиршиликтен айырмасын, деген гәп бар қарақалпақта. Себеби, раўажланыўымыздың тийкары болып киятырған ең әҳмийетли фактор бул елимиздеги түрли миллет ўәкиллериниң мақсетлериниң бирлиги, дослығы, тилеклеслиги ҳәм аўызбиршилиги болып есапланады.
Назира МАТЯҚУБОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты,
Өзбекстанда хызмет көрсеткен журналист
Қарақалпақстан хабар агентлиги