Корея Миллий Ассамблеясы изертлеў хызмети менен тәжирийбе алмасады

Парламентлик изертлеўлер институты ҳәм Қубла Корея Миллий Ассамблеясы изертлеў хызмети (НАРС) арасында жаңаланған өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойыўға бағышланған илаж болып өтти.
Илажда Парламент изертлеўлери институтының директоры Акром Тошполатов еки мәмлекет арасында көп тәреплемели ҳәм өз-ара пайдалы байланыслар және де кеңейип атырғаны, парламент дипломатиясы шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықлары жаңа басқышқа көтерилип атырғанын атап өтти.

Ушырасыўда Корея Миллий Ассамблеясы изертлеў хызметиниң директоры Ли Кван Ху Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында Өзбекстанда барлық тараўда алып барылып атырған тарийхый реформалар ҳәм олардың нәтийжелерин жоқары баҳалады.

Илажда өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған өз-ара бирге ислесиў меморандумына қол қойылды.

Ҳүжжет шеңберинде еки тәреплеме илимий-әмелий конференциялар өткериў, биргеликтеги изертлеў жойбарларын әмелге асырыў, парламент жумысын илимий жақтан қоллап-қуўатлаў бағдарында тәжирийбе алмасыў ҳәм қәнигелер арасында турақлы қарым-қатнасты күшейтиў мәселелери нәзерде тутылған.
М.Комилова, ӨзА