Жас мигрантлар менен онлайн сөйлесиў өткерилди

152

Жаслар – мәмлекетимиздиң ертеңги күни, келешегимиз тийкары. Ҳәзирги күнде олардың социаллық-руўхый ҳәм экономикалық мәселелерине айрықша итибар қаратыў әҳмийетли ўазыйпа болып есапланады. Усы мақсетте, Төрткүл районы ҳәкими И.Худайбергенов басшылығында сырт елде мийнет етип атырған отызға шамалас жаслар менен онлайн сөйлесиў шөлкемлестирилди. Бул ушырасыў жаслардың миграция менен байланыслы машқалаларын анықлаў ҳәм оларға әмелий жәрдем көрсетиўге қаратылған.

Район ҳәкимлиги Мәлимлеме хызмети бөлиминиң мағлыўматына бола, сөйлесиў даўамында жаслар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды, ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Сондай-ақ, олардың машқалалары тийисли шөлкемлерге билдирилди ҳәм оларды сапластырыў бойынша тапсырмалар берилди. Келип түскен усыныс ҳәм мүрәжатлар қадағалаўға алынды.

Бундай сөйлесиўлер жаслардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда, сондай-ақ, олардың социаллық белсендилигин арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Онлайн форматта өткерилген ушырасыў қатнасыўшылары арасында бирге ислесиў ҳәм исенимди беккемледи, келешекте бундай илажларды турақлы өткериў зәрүр екенлиги және бир мәрте атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги