Өзбекстан тәрепинен Женевада глобал тынышлық ҳәм бирге ислесиўге байланыслы басламалар алға қойылды

Олий Мажлис Сенатының Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы Өзбекстан делегациясы Женева қаласында болып өтип атырған Парламентлер басшыларының 6-Пүткил жер жүзилик конференциясында қатнасты.
Конференция шеңберинде заманагөй глобал қәўип-қәтерлер, социаллық турақсызлық, қураллы келиспеўшиликлер ҳәм климат өзгерислери шараятында парламентлераралық дипломатияның роли, халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў, тынышлықты тәмийинлеў, әдил басқарыў принциплерин алға қойыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыўда миллий парламентлердиң белсене қатнасыўын тәмийинлеў мәселелери додаланды.

Т.Норбоева конференцияда шығып сөйлеп, мәмлекетимиз басшысы тәрепинен алып барылып атырған демократиялық реформалар, парламент дипломатиясын раўажландырыў, сондай-ақ, регионаллық ҳәм халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған ҳәрекетлерге тоқтап өтти.
Усы жылдың апрель айында Ташкент қаласында өткерилген Парламентлераралық аўқамға ағза мәмлекетлердиң 150-юбилей ассамблеясының нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Соның ишинде, Ассамблея жуўмағында қабыл етилген Ташкент декларациясы ҳәм келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў ҳәм турақлы раўажланыўға үлес қосыў мәселелерине бағышланған еки әҳмийетли резолюция глобал парламентлераралық тилеклесликтиң әмелий көриниси сыпатында атап өтилди.
Конференция даўамында Өзбекстан ўәкили тәрепинен бир қатар басламалар алға қойылды. Соның ишинде, келиспеўшиликлерди сиясий-дипломатиялық жол менен шешиўде парламентлердиң ролин күшейтиў, халықаралық ҳуқық нормалары ҳәм БМШ режесине тийкарланған тынышлық басламаларын кеңнен қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жас парламент ағзаларын қоллап-қуўатлаў шеңберинде 2026-жылы Парламентлераралық аўқам менен биргеликте Жас парламент ағзаларының 12-Глобал конференциясын өткериў басламасы алға қойылды.
Сентябрь айында Өзбекстанда Кәмбағаллықты қысқартыў бойынша халықаралық конференцияны өткериў режелестирилип атырғаны, оған сырт ел парламентлери, мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм экспертлерди кеңнен тартыў нәзерде тутылып атырғаны билдирилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА