Қалалардағы салма ҳәм ирригация системаларын өзбасымшалық пенен көмиў жуўапкершиликке себеп болады

Нызам жойбарына түсиник
Қоршаған орталықты, ҳайўанат ҳәм өсимлик дүньясын қорғаў, шығындыларды белгиленген орынларға таслап, тазалықты сақлаў бүгинги күнниң ең әҳмийетли мәселелеринен бири болып есапланады.

Мағлыўматларға бола, 2023-жылдан усы ўақытқа шекем Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен ҳәр қыйлы орынларға 395 қадағалаў камералары орнатылған. Экологиялық қадағалаў илажларында бир қатар ҳуқықбузарлықлар анықланбақта. Атап айтқанда, қоршаған орталыққа зыян жеткериў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы объектлерин жоқ етиў, шығындыларды белгиленбеген орынларға таслап кетиў сыяқлы жағдайлар тез-тез ушыраспақта. Бул болса усындай ҳуқықбузарлықлар ушын, қоршаған тәбиятқа зыян жеткергени ушын жуўапкершиликти және де күшейтиўди талап етпекте.
Усы мақсетте қоршаған орталық ҳәм өсимлик дүньясын қорғаўды күшейтиў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыўды тәмийинлеўге қаратылған нызам жойбары ислеп шығылып, парламенттиң төменги палатасында биринши оқыўда қабыл етилди. Бул жойбар бойынша Нызамшылық палатасының Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери комитетиниң баслығы Хайрулло Ғаффоров төмендегилерди атап өтти:

– Бизге белгили, жаңаланған Конституциямызда ҳәр ким қолайлы қоршаған орталыққа, оның жағдайы ҳаққындағы исенимли мәлимлемеге ийе болыў ҳуқықына ийе екени, мәмлекет пуқаралардың экологиялық ҳуқықларын тәмийинлейтуғыны беккемлеп қойылды. Бул бағдарда бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте. Бирақ соған қарамастан, экология тараўында нызамбузыўшылық жағдайларының ушырасып турғаны тараўдағы нызамшылықты буннан былай да жетилистириўди талап етпекте.
Усы мақсетте ислеп шығылған нызам жойбары менен “Тәбиятты қорғаў ҳаққында”ғы, “Атмосфера ҳаўасын қорғаў ҳаққында”ғы, “Шығындылар ҳаққында”ғы нызамларға, Жынаят ҳәм Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекслерге қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизилмекте.
Атап айтқанда, нызам жойбарында автоматикалық мониторинг станциялары мағлыўматларын бирден-бир геомәлимлеме мағлыўматлар базасына реал ўақыт режиминде киргизиўди тәмийинлеў нәзерде тутылмақта. Бул пуқаралардың қоршаған орталық ҳаққында исенимли мәлимлемеге ийе болыў ҳуқықын кепиллейди.
Сондай-ақ, тоғай фонды жерлерин нызамсыз бериў ҳәм олардан пайдаланыў ҳәм бундай жерлерде нызамсыз имаратлар қурыў және елатлы пунктлер ҳәм қала орайларында бурыннан бар салмалар, ирригация системаларын өзбасымшалық пенен көмип таслаў сыяқлы ҳуқықбузарлық түрлери бойынша жуўапкершилик күшейтиледи. Терек ҳәм путаларды кесиўге қойылған мораторий талапларын бузғаны ушын да жуўапкершиликти күшейтиў нәзерде тутылмақта.
Буннан тысқары, қоршаған орталыққа зыян жеткериў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясы объектлерин набыт етиў ямаса оларға зыян жеткериў, ҳайўанларға аяўсыз қатнаста болыў менен байланыслы жынаятларды аўыр жынаятлар категориясына киргизиў ҳәм жаза санкцияларын күшейтиў нәзерде тутылған.
Бул ҳүжжетте белгиленетуғын нормалар мәмлекетимизде экологиялық жағдайды буннан былай да жақсылаў, тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, өсимлик ҳәм ҳайўанат дүньясын қәстерлеп сақлаўға хызмет ететуғынын атап өтиў керек.
Муҳтарама Комилова жазып алды,
ӨзА