Өзбекстан ўәкиллери немис тили оқытыўшылары халықаралық конгрессинде қатнаспақта

79

Германия Федерал Президенти қәўендерлигинде өткерилип атырған халықаралық конгресске 100 ден аслам мәмлекеттен 2 мың 500 ге шамалас илимпазлар, изертлеўшилер ҳәм оқытыўшылар қатнаспақта. 28-июльден 1-августқа шекем даўам ететуғын ири илажға елимиз ўәкиллери де қатнаспақта, деп хабар бермекте Германия ҒХҚға сүйенип «Дунё» МА.

“Конгресске таярлық шеңберинде “Сырт елде немис тили шет тили сыпатында” қолланбасы басып шығарылды. Онда дүньядағы немис тилин үйрениўге байланыслы мағлыўматлар талланған.

Итибарлы тәрепи, қолланбада шет тили ең көп үйренилетуғын мәмлекетлер арасында Өзбекстан жетекшилер қатарында атап өтилген. 2023-жылы Германияда сырт елден мийнет мигрантларын тартыў бойынша нызам қабыл етилгеннен соң жаслар ҳәм жасы үлкенлер арасында немис тилин үйрениўге қызығыўшылық артқан. Бүгин Германия мийнет миграциясы, мобиллик, жоқары ҳәм профессионал билимлендириў бойынша ең тартымлы мәмлекетлерден бири болып қалмақта», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги