Махым Франциядағы турнир жеңимпазы

Францияның Экс-ан-Прованс қаласында шахмат бойынша “Dole Open–2025” халықаралық турнири болып өтти.
Ҳәр жыл сайын өткерилетуғын бул абырайлы жарысқа дүнья жүзиниң 44 мәмлекетинен 276 шахматшы қатнасты.
Қызықлы өткен жарыс соңында Өзбекстан Республикасы сайланды командасы қурамында қатнасқан тақыятаслы шахматшы Махым Оразмухамедова барлық қарсыласларын жеңип шығып, алтын медаль ийесине айланды.

Турнир шөлкемлестириўшилериниң атап өтиўинше, өткерилген жарыс шахматшылар ушын тек ғана гүрес аренасы болып қалмастан, олардың тәжирийбе ҳәм дос арттырыў майданы болды.
Бизлер де өз гезегинде талантлы шахматшы Махым Оразмухамедованың алдағы жарыслар да жоқары нәтийжелерди қолға киргизиўине шын кеўилден тилеклеспиз.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.