Шахматшы қызларымыздың жаңа табыслары

Қырғыз Республикасында спорттың шахмат түринен 8, 10, 12,14, 16, 18 жасқа шекемги ер балалар ҳәм қызлар арасында Орайлық Азия чемпионаты болып өтти.
Бул жарысқа Өзбекстан сайланды командасы қурамында республикамыз ўәкиллери де қатнасып, бир неше медальларды қолға киргизиўге миясар болды.
Атап айтқанда, 8 жасқа шекемги қызлар арасында өткерилген беллесиўлерде тақыятаслы Ларина Зарина сыйлы 3-орынды ийелеген болса, командалық беллесиўлерде алтын медальды жеңип алыўға еристи.

Сондай-ақ, 16 жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Гүлназ Узақбаева 6,5 балл топлап, күшли бесликтен орын алған болса, командалық беллесиўлерде чемпион атағына миясар болды.
Мағлыўмат ушын айтатуғын болсақ, өткерилген жарыс соңында Өзбекстан Республикасы сайланды командасы 6 алтын, 4 гүмис ҳәм 6 қола медальларын жеңип алып, улыўма командалық есапта биринши орынды ийелеўге еристи.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.