6 айда 1744 жаңа киши кәрхана ҳәм микрофирмалар шөлкемлестирилди

Қарақалпақстан Республикасында 2025-жыл январь-июнь айлары даўамында киши исбилерменлик субъектлери тәрепинен жалпы аймақлық ишки өнимниң 61,4 проценти ислеп шығарылды.
– Киши исбилерменлик субъектлериниң халық хожалығының жетекши тараўларындағы үлеси де салмақлы болды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасының бөлим баслығы Рустамбай Шарибаев.
Олардың үлеси санаат өниминиң 40,5 процентин, қурылыста орынланған жумыслардың улыўма көлеминиң 91,4 процентин, тийкарғы капиталға киргизилген инвестициялардың 39,1 процентин, жәми хызметлер тараўының 72,4 процентин қурады. Сондай-ақ, олардың үлеси автомобиль транспортында жүк тасыўдың улыўма көлеминде 94,5, автомобиль транспорты жүк айланысында 92,0, автомобиль транспортында жолаўшы тасыў хызметлериниң улыўма көлеминде 99,2, автомобиль транспортында жолаўшы айланысында 99,0, усақлап сатыў саўда айланысының улыўма көлеминде 97,3, улыўма экспорт көлеминде 35,2, улыўма импорт көлеминде 67,2, аўыл хожалығында 96,6 процентти қурады.
2025-жылдың 1-июль жағдайына ҳәрекеттеги киши кәрхана ҳәм микрофирмалардың саны 18 мың 915 ке жетти. Сондай-ақ, быйылғы 6 айда 1744 жаңа киши кәрхана ҳәм микрофирмалар (фермер ҳәм дийхан хожалықларысыз ) шөлкемлестирилди.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.