Ҳаял-қызлар турақлы жумыс пенен тәмийинленбекте

101

Бозатаў районында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў,  соның ишинде, социаллық қорғаўға мүтәж, жумыссыз жумысқа жарамлы пуқаралардың ҳәм мийнет миграциясынан қайтқан пуқаралардың  бәнтлигин тәмийинлеў  мақсетинде, районлық ишки ислер бөлими ҳәм районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтликке көмеклесиў бөлиминиң  шөлкемлестириўи менен бос жумыс орынлары мийнет ярмаркасы шөлкемлестирилди.

Мийнет ярмаркасына Бозатаў районы ишки ислер бөлими баслығы, полковник У.Курбанбаева, Бозатаў посёлкалық ҳәм Еркиндәрья аўыл пуқаралар жыйынларының ҳаял-қызлар белсендилери қатнасты.

Өткерилген мийнет ярмаркасына районда жайласқан жумыс бериўши мәкеме ҳәм кәрханалар  21 бос жумыс орынлары менен қатнасып, 3 пуқараға турақлы жумысқа орналасыў, 10 ҳаял-қызға маманлығын арттырыў ушын кәсипке қайта таярлаў курсына оқыў ушын жолламалар берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги