Халықлар дослығы мәңгиге болсын

Халқымыз ерте дәўирлерден баслап қоңсы туўысқан халықлар менен сиясий, мәдений, социал-экономикалық жақтан тығыз байланыста болып, өз-ара дослық қатнасықларын беккемлеп, қыз узатып, келин түсирген.
Екинши жер жүзилик урыс жылларында жетим қалған басқа миллет перзентлерин өз перзентиндей баўырына басып, олардың жәмийетимиздиң тең ҳуқықлы ағзасы болыўына өзлериниң мийрим-шәпәәтин көрсеткен халықпыз. Бүгинги күни мәмлекетимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери аўызбиршилик пенен турмыс кеширип, халық хожалығының барлық тараўларында жемисли мийнет етпекте. Олар Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўына ҳәм оның ғәрезсизлигин беккемлеўге, Республикамыздың халықаралық майдандағы абырайын арттырыўға өзлериниң салмақлы үлеслерин қосып келмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-февральдағы 30-июль сәнесин «Халықлар дослығы күни» сыпатында кең түрде белгилеў ҳаққындағы 672-санлы қарары тийкарында, Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди. Бул болса көп миллетли елимизде миллетлер аралық татыўлықтың және де беккемлениўи, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўына ҳуқықый негиз жаратты.
Мәмлекетимиздиң Бас Нызамында да миллети, дини, тили, расалық келип шығыўына қарамастан Өзбекстан Республикасы аймағында жасаўшы ҳәр бир пуқара тең ҳуқықлы екенлиги белгилеп өтилген.
Ҳәзирги күни елимизде жумыс алып барып атырған 157 миллий-мәдений орай, 42 дослық жәмийети ҳәм сырт елдеги 100 ден аслам ўатанласлардың жәмийетлик бирлеспелери мәмлекетлик шөлкемлер менен биргеликте, мәмлекетимизде дослық ҳәм кеңпейиллик орталығын, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлардың үнлеслигин беккемлеў, сырт еллер менен мәдений-ағартыўшылық байланысларды, халық дипломатиясын ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша көплеген унамлы нәтийжелерге ериспекте.
Әлбетте, өзлериниң ҳадал мийнети, Ўатансүйиўшилик сезимлери менен республикамыздың социаллық-экономикалық потенциалын арттырыўға үлес қосып киятырған түрли миллетке тийисли ўатанласларымыз бенен мақтанамыз. Олар ҳәр бир салада түрли жуўапкерли лаўазымларда хызмет етип, пидәкерлик ислери ушын Ўатанымыздың жоқары сыйлықларына миясар болмақта. Бул инсанлардың арасында депутат ҳәм сенаторлар, белгили өндирис ўәкиллери, исбилерменлер, билимлендириў, медицина, илим, мәденият, әдебият, көркем өнер ҳәм спорт ғайраткерлери бар екенин бәршемиз жақсы билемиз.
Партиямызға ағза болған түрли миллет ўәкиллери Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасына, сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм районлық Кеңеслерге депутат болып сайланып келмекте.
Пурсаттан пайдаланып, бүгинги байрам менен барлық ўатанласларымызды шын жүрегимизден қутлықлаймыз. Ҳәр бир шаңараққа қут-берекет ҳәм беккем аўызбиршилик тилеймиз. Илайым дослығымыз мәңги болсын!
Нурлыбай Қайыпбергенов,
Өзбекстан “Адолат” СДП
Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси баслығы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.