Бахыт байлықта яки миллетте емес, ал аўызбиршиликте.

30-июль Халықлар дослығы күни
Инсан бахты неде деп ойлайсыз? Бул сораўға ҳәр ким ҳәр қыйлы жуўап бериўи мүмкин. Лекин, гәптиң рәмәўзин шағып, басып өткен өмир жоллар менен көз алдымыздағы тәғдирлерге көз жуўыртқанымызда бахыт инсан ушын оның денсаўлығы, шаңарағының аманлығы менен аўызбиршилигинде екенлигиниң гүўасы боламыз. Демек, бахыт я миллетте я байлықта емес. Ал, тыныш-татыў шаңарақты тиклеўде бир-биреўди түсинип жасаў ҳәм ҳүрмет-иззетти сақлаў ең тийкарғы адамгершилик пазыйлетлери есапланады.
Өмирдиң ойлы бәлент жоллары менен турмыстың қыйыншылықларын ертерек бастан кеширген Айымхан ушын өмир жоллары кореялы исбилермен Ли Инжаени ушыратқаннан соң түплиликли бурылыс пенен жақсы жаққа өзгерип кетти. Бүгин еслегиси де келмейтуғын сол жыллар өтмиш болып изде қалды да, тили, дини басқа болса да ортадағы меҳир-муҳаббат пенен ҳүрмет-иззетке қурылған шаңарақта олардың бахытлы турмысы басланды. Олар ушын арада бир-бириниң тилин түсиниў кеўил, қәлб, жүрек арқалы болды. Бүгин болса олар бес перзенттиң бахытлы ата-аналарына айланып, қос арысты теңдей тартып киятырған ҳәм халықлар дослығына қурылған аўызбиршиликли шаңарақтың ийелери.

Алла таала өз бендесине көтере алмайтуғындай дәрежеде сынақ бермейди дейди ҳаслында. Базыда сондай сынақлар, мийнетлер болады, тәбиятынан нәзик ғана болып жаратылған ҳаял адамлар ушын аўыр келип, белин бүгип, тәғдир сынақларында күшли болсаң жеңип, әззи болсаң «сынып» кетиўиң де мүмкин. Лекин, Айымхан Сапарова өзиниң басына түскен қыйыншылықларды мәрдана жеңип шыққан ҳаял болды. Бүгин баласының да, өзиниң де аўырғанларын еслеп, бирақ жақты күнлерге жетисиўди Алла тааланың қоллаўы ҳәм өмир жолын жақсы инсан менен байлағанында деп шүкиршилик етеди.
Негизинде Кореяның Сеул қаласында жасайтуғын Ли Инжае бир неше жыллардан берли усы елдиң баласы болып кетти, десек алжаспаймыз. Ол қуяшлы Өзбекстанда бизнесин жолға қойыўы менен бирге қарақалпақ қызы Айымхан менен турмыс қурып, бахтын да тапқан әўметли жигит болды. Кәсиби технолог болған ол сырт ел инвестициясын киргизип, Нөкис районынан еки, Қоңыраттан ҳәм Кегейлиден боян тамырды қайта ислеў ҳәм ярым таяр өнимди сырт елге экспортқа шығарыў менен шуғылланып келмекте. Яғный, шаңарақлық бизнести жолға қойып, ҳәзирги ўақытта улыўма 250 ден аслам адамды жумыс пенен тәмийинлеўге ерискен. Бүгин олардың бес перзенти өзлериниң ойлағанындай жақсы тәрбия нәтийжесинде жәмийеттен өз орынларын тапқан перзентлер болып жетисти.

-Ҳәр қандай жетискенликке мийнет, билим ҳәм ақыл менен ерисиледи,-дейди Айымхан биз бенен сәўбетте. Ҳәр қандай жетискенликтиң артында мийнет болғаны сыяқлы, боян тамырын егиў, жыйнаў ҳәм оны ярым таяр ҳалында экспортқа шығарыў да аңсат емес. Булардың бәри өмирлик жолдасымның мийнет сүйгишлиги нәтийжесинде болмақта. Күйеўим Ли өзи технолог болғанлықтан боян тамырды стандартластырыўда жақсы нәтийжелерге ериспекте. Сондай-ақ, ярым таяр өнимлерди Қытай ҳәм Корея мәмлекетине экспортқа шығармақтамыз.
Кореяда женщень көплеген аўырыўларға ем сыпатында фармацевтикада кеңнен қолланылса, бизиң жеримизде өсетуғын боян да фармацевтикада, косметикада, кондитерлик өнимлерде кеңнен қолланылатуғын өсимлик есапланады. Бул жабайы өсимликти жыйнап алып, оны қайта ислеп экспортқа шығарыў менен бирге елимизде де пайдалы дәрилик өсимлик сыпатында пайдаланыў кең ен жаймақта. Әне, усы тараўға қызығып, бир неше жыллардан берли өз бизнесин жолға қойып киятырған Айымхан менен Ли Инжае бул дәрилик өсимликти шаңарағында да аяз, шамаллаў, жөтел сыяқлы аўырыў сырқаўларда кең пайдаланады.

Олардың еки перзенти бүгин қасында шаңарақлық бизнести жүргизип атырған болса, бир қызы IT тараўында, еки қызы Кореяда жумыс ислемекте. Бир қызы Қазақстан Республикасына рус миллетиндеги жигитке турмысқа шыққан. Олардың арасында меҳир-муҳаббат, аўызбиршилик сезимлерин сақлап отыратуғын ата-ана бәрқулла еки елдиң дәстүрин, үрп-әдетлерин ҳүрмет етиўин нәсиятлайды. Нөкис районы Шортанбай елатында жасап атырған олардың шаңарағына барғанымызда биз әжайып бир көринистиң гүўасы болдық. Яғный, ийилип сәлем берип, қолымыздан қуман менен суў алып, бир қолындағы сүлгисин усынып, қойыў қара шайды әсте ғана кеселерге қуйып бизге усынған келинди ҳеш қандай корейс деп ойламадық. Ол ҳақыйқый қарақалпақ қызы сыяқлы еди.
-Келиним жергиликли кореянка. Жақында ақлығымызға тусаў кесиў той берип, онда еки елдиң дәстүрин ислеп, халықлар дослығы тойын өткердик. Тойда қарақалпақ ҳәм Корея халқының қосықлары жаңлады. Ата-енем Кореяда болғанлықтан келе алмады. Бирақ, бизлер оларды көриўге барып турамыз. Тойға қайын атам маған корея ҳаял-қызларының миллий кийимин алып берип жиберипти. Олар тойды онлайн көрип қуўанып қалды ҳәм мендей қарақалпақ келини болғанлығына кеўили толып миннетдар болды,-дейди Айымхан.

Усы тойдан кейин олар қудасының үйине ел қәде тойына барып қайтты. Яғный Кореялы шаңарақта ел қәде той болып, қарақалпақ халқының үрп-әдет дәстүрлери исленди.
Лидиң Өзбекстанда жасап, исбилерменлик пенен шуғылланып атырғанына 25 жылдың майданы болып қалған. Ол бир күни Кореяға кеткенинде Айымханға қоңыраў етеди. Сонда:
-Мен бир ҳәптеге келип едим. Бирақ, мен еки күн болмай атырып-ақ, сизлерди сағынып атырман. Мен Өзбекстанға үйренисип кеткен екенмен. Билетимди өзгертип ертең изиме қайтпақшыман,-дейди ҳәм ертесине изге қайтады.
Исбилерменлерге кең жол ашылып, оларға жеңилликлер берип, қоллап-қуўатлап атырған Президентимизге миннетдаршылығы шексиз болған Ли менен Аймыхан өзлери басшылық етип атырған өндирис кәрханаларында тийкарынан кем тәмийинленген шаңарақларды, соның ишинде, ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге айрықша итибар қаратқан. Сондай-ақ, олар кем тәмийинленген шаңарақларға жәрдем қолын созыў менен бирге спорт жарысларына қәўендерлик етип келмекте. Сондай-ақ, олар бир неше мәрте белсенди исбилермен сыпатында мийнетлери баҳаланып, тийисли орынлар тәрепинен Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланған.
«Мен өз елимди таслап кетпеймен. Көнсеңиз усы елде турмыс қурып, бирге жасайман. Өзбекстандай, Қарақалпақстандай тыныш ҳәм бахытлы ел дүньяда жоқ»,-деп шәрт қойған Айымхан бүгин кореялы жигит пенен өз бахтын тапқан қарақалпақ қызы.
-Бахыт тыныш-татыў шаңарақта, байлықта емес. Аўызбиршиликте,-деп күлимлеп ақлығын баўырына басқан келбети оның өз өмиринен разы болып, шүкиршилигин билдирип турар еди. Халықлар дослығына қурылған елимиздиң бир шаңарағының гөззал тарийхын биз «елимизде бахытлы шаңарақлар көбейе берсин. Дүньяның көплеген еллеринде алғаў- далғаў жағдайлар болып атырған бир пайытта, тынышлығымызға көз тиймесин, халықлар дослығы мәңгиге болсын» деген шырайлы сөзлер менен биз мақаламызды жуўмақламақшымыз.
Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги