Самарқанд қаласының жасы 3000 жыл деп қайта баҳаланады

Самарқандта әмелге асырылған археологиялық қазыўлар нәтийжесинде бул әййемги қаланың жасы 3000 жаста деп қайта баҳаланады, деп хабар бермекте”Дунё” МА.
ӨзАның мағлыўматына бола, бул ҳаққында Халық депутатлары Самарқанд ўәлаяты Кеңесиниң кеше өткерилген гезектеги сессиясында қарар қабыл етилди. Өзбек-француз илимпазлары биргеликтеги экспедиция ағзалары Көктепа ҳәм Афрасиябтағы табылмаларды қайта таллап, сондай жуўмаққа келди.
Самарқанд Археология институтының директоры Мўминхон Саидовтың айтыўынша, Самарқандтың әййемги орны ҳәм жасын үйрениў 150 жылдан аслам ўақыттан берли даўам етип, қала дәслеп буннан 1500 жыл алдын, кейин ала 2000 жыл, 1970-жылы 2500 жыл алдын қәлиплескени ҳаққында жуўмақларға келинген. 2000-жылларда болса Өзбекстан-Франция биргеликтеги экспедициясы жана мағлыўматларды анықлады ҳәм Самарқандтың жасы 2750 жыл деп тастыйықлады. Бирақ бул да ақырғы жуўмақ емес ҳәм сонлықтан қаланың хронологиясы бойынша изертлеўлер кейинги жылларда да даўам етип келмекте.
Атап айтқанда, быйылғы қазыў мағлыўматлары Самарқанд қаласынан 25 километр узақлықтағы Көктепа естелигинде 1993-2006-жылларда алып барылған қазыў жумысларының анализи тийкарында қәнигелер тәрепинен жаңа көзқараслардың қәлиплесиўине түртки болды.
Өзбекстан – Франция биргеликтеги экспедициясы ағзалары усы ўақытқа шекем Көктепа ҳәм Афросиёбта табылған материалларды қайта таллаў арқалы Самарқанд қаласының қәлиплесиў дәўири 3000 жылға тең екенлиги ҳаққындағы пикир алға қойылмақта. Атап өтилиўинше, бизиң эрамызға шекемги I мың жыллық басларында, яғный 3000 мың жыл бурын бул жерде қала ҳәкиминиң резиденциясы ҳәм ибадатхананы өз ишине алған ири қала қәлиплескен. Бул жагдай “Авесто”да тилге алынган “Гава Согдиана” ҳәм “Согдиана” түсиниклери менен сәйкес келеди. Онда “Гава Согдиана” дийқаншылық аймағын, “Согдиана” болса ҳәкимшилик орайды аңлатқан. Бул орай әйне Көктепа болғанлығы атап өтиледи. Эрамызға шекемги VII-VI әсирлерге келип Согдиананың орайы ҳәзирги Афросиёб төбелиги орнына көшеди. Усы жылдың март айында Афросиёб естелигиниң бир неше орнында, соның ишинде, арк ҳәм шахристан бөлегинде, яғный қорғаныў дийўалына жақын кең көлемли қазыў жумыслары алып барылады.
7 метрден аслам тереңликте эрамыздан бурынғы VII-IV әсирлерге тийисли қурамалы қорғаныў системасы ашып үйренилди. Еки қазыўда анықланған археоботаникалық ҳәм археозоологиялық табылмалар таллаў ушын Франция, Германия ҳәм Япония лабораторияларына жиберилди. Ҳәзирги ўақытта олардың анализи әмелге асырылмақта. Усы ўақытқа шекем топланған илимий мағлыўматлар тийисли уйымлар, соның ишинде, Өзбекстан Илимлер академиясы, Мәдений мийрас агентлиги жанындағы илимий кеңеске жиберилип, олардың унамлы жуўмақлары алынды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги