Мийнет жәмәәтлеринде де дослық байрамы белгиленбекте

Бүгин, 30-июль – Халықлар дослығы байрамы мүнәсибети менен елимиз бойлап байрам илажлары өткерилип, бир елде бирге жасап, мийнет етип атырған түрли миллет ўәкиллери аўызбиршилик үлгисин көрсетпекте.

Байрам мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги аппараты хызметкерлери де байрамды өзгеше түрде белгиледи.

Министрликте жумыс ислеп атырған ҳәр түрли миллет ўәкиллери миллий кийимлерин кийип келип, өз-ара ҳүрмет билдирилди ҳәм байрам менен бирин-бири қутлықлап, бүгинги жумыс күнин жақсы кейпиятта баслады.

Бул илаж елимизде миллетлер аралық татыўлық ҳәм дослық орталығын беккемлеўге қаратылған болып, министрликте мийнет етип атырған хызметкерлер арасында өз-ара ҳүрмет ҳәм аўызбиршиликти және де арттырыўға хызмет етти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.