Трамп жаңа мүддет белгиледи (+видео)

111

АҚШ президенти Дональд Трамп Украинада тынышлық келисимин әмелге асырыў ушын жаңа қысқартылған мүддетти белгилеп атырғанын мәлим етти. Оның сөзлерине бола, алдын белгиленген 50 күнлик мүддет енди 10-12 күнге қысқартылған.

Трамп, Уллы Британия бас министри Кир Стармер менен ушырасыў алдынан журналистлердиң сораўларына жуўап берип, Россия жетекшиси Владимир Путиннен кеўли қалғанын атап өтти.

– Биз бул мәселе шешилди, деп ойлаған едик, бирақ РФ Киевке қарай және ракета ушырыўды даўам еттирмекте, – деди ол. – Ақыбетинде қариялар үйинде ҳәм басқа да аймақларда көплеген адамлар қайтыс болған.

Сондай-ақ, Трамп Россияға берген 50 күнлик мүддетти қысқартыўға қарар еткенин айтты.

– Не болатуғыны белгили болып қалды. Соның ушын узақ күтиўден пайда жоқ деп ойлайман. Енди 10 ямаса 12 күн менен шекленемен. Себеби күтиўден ҳеш қандай мәнис көрмеймен, – деди ол қатаң түрде.

Алдынырақ, Трамп егер 50 күн ишинде Украинада оқ атыўды тоқтатыў бойынша келисимге ерисилмесе, Россия менен саўда ислеп атырған мәмлекетлерге жоқары бажылар енгизилетуғыны ҳаққында ескерткен еди.

Стармер менен ушырасыў ўақтында Трамп тек ғана Россия тәрепинен өкпелегенин емес, ал Израильды да сынға алған. Газа секторындағы жағдайды додалап, ол жерде ҳақыйқый ашаршылық басланғанын айтқан.

БМШ ҳәм бир қатар мәмлекетлик емес шөлкемлер де Ғазадағы балалар арасында тойып аўқатланбаў дәрежеси кескин артып атырғаны ҳәм аймақта кең көлемли ашаршылық қәўпи артып атырғанын мәлим еткен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги