Сыртқы саўда айланысы, усақлап сатыў қай дәрежеде?

Республикамыз бойынша сыртқы саўда айланысы 2025 жылдың январь-июнь айларында 317,9 млн. АҚШ долларын, соннан 184,9 млн. АҚШ долларын экспорт операциялары, 133,0 млн. АҚШ долларын импорт операциялары қурады.
Ал, сыртқы саўда айланысының сальдосы 51,9 млн. АҚШ долларын қурады.
Республикамыздың сыртқы саўда айланысында ең үлкен үлести Түркия мәмлекети ийелеген болып, 2025-жылдың январь-июнь айларында 39,7 млн. АҚШ доллары муғдарында сыртқы саўда операциялары, соннан 38,1 млн. АҚШ долларлық экспорт операциялары және 1,6 млн. АҚШ доллары муғдарында импорт операциялары әмелге асырылған.
Сондай-ақ, усы дәўирде Республика сыртқы саўда айланысында, Россия Федерациясы, Қытай Халық Республикасы, Қазақстан ҳәм Латвия мәмлекетлериниң де үлеси көп болып келмекте. Экспорт қурамында ең үлкен үлести химиялық өнимлер (50,0%), хызметлер (11,9%), ал импорт қурамында болса, машина ҳәм әсбап-үскенелер (34,6 %) ҳәм жанылғыдан тысқары азық-аўқат емес шийки зат (13,1%) қурады.
– Ал, республикамыз бойынша усақлап сатыў товар айланысы туўралы мағлыўмат беретуғын болсақ, усы жылдыӊ январь-июнь айларында ол 6 трлн. 692 млрд. 770,5 млн. сумды қурап, өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 108,7 процентти қурады,-дейди Статистика басқармасының хызметлер ҳәм саўда статистикасы бөлими бас қәнигеси Рәўшан Ҳамидуллаева.
Усақлап сатыў товар айланысы көлеминде үлкен үлеске ийе болған Нөкис қаласы (21,5 %), Төрткүл (10,8%), Хожели (9, %), Әмиўдәрья (7,1%) ҳәм Қоӊырат (6,6%) районлары усақлап сатыў товар айланысыныӊ өсиўине унамлы тәсирин көрсетти. Аўқатланыў кәрханаларын қосқан ҳалда усақлап сатыў товар айланысы халықтың жан басына 3288,5 мыӊ сумды қурады. Орташа жан басына товар айланысыӊ еӊ жоқары көрсеткишлери Нөкис қаласы, Қараөзек, Тахтакөпир, Хожели районларында бақланды.
Президентимиз ҳәм Ҳүкиметимиздиң киши исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў бойынша алып барып атырған сиясаты тәсиринде олардыӊ экономикамыздағы тутқан орны анағурлым өсти.
2025-жыл январь-июнь айлары жағдайына киши исбилерменлик субъектлериниӊ товар айланысы өткен жылдыӊ усы дәўирине салыстырғанда 108,8 процент болды. Улыўма усақлап сатыў товар айланысында киши исбилерменлик субъектлериниӊ үлеси 97,3 процентти қурады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.