Шымбайда бағшылық дәстүрлери даўам етпекте

Шымбай районындағы Бахытлы аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан “Арысланбай Бердибай” фермер хожалығы тийкарынан бағшылыққа мөлшерленген болып, жәми жер майданы 9 гектарды қурайды. Соннан егислик жер майданы 3 гектар болып, 2 гектары жүзимгершиликке, 1 гектары алмаға қәнигелескен,-деп хабар бермекте Аўыл хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети.
Фермер хожалығының ийеси Арысланбай Бердимуратов бағшылықты әкесинен үйренгенин ҳәм бүгинги күнде перзентлерине үйретип атырғанын айтты. Оның сөзлерине бола, ҳәр жылы жүзимнен 10 тонна, алмадан да 10 тонна зүрәәт алынбақта.
“Арысланбай Бердибай” фермер хожалығы Шымбай районында бағшылықты раўажландырыўға өзиниң үлкен үлесин қосып, хожалықта жетистирилген мийўелери менен жергиликли базарларды толтырмақта. Фермер хожалығының басшысы келешекте бағшылықты буннан былай да раўажландырыў, жаңа сортлар жаратыў ҳәм заманагөй технологияларды енгизиўди режелестирмекте.
Жумыслары туўралы жақсысы өзинен еситсек.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.