Алыс аўылдағы биринши бақша

“Өзбекстан – 2030” стратегиясында белгиленген ўазыйпаларды турмысқа енгизиў, аймақларда, әсиресе, мәҳәллелерде социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны буннан былай да раўажландырыў, сондай-ақ, халықтың турмыс дәрежесин арттырыў ҳәм исбилерменлер ушын қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў мақсетинде орынларда бир қатар ири қурылыс, оңлаў жумыслары әмелге асырылмақта.
Усы мақсетте Мойнақ районындағы Қызылжар аўыл пуқаралар жыйыны аймағында Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 24-декабрьдеги «2025-2027-жылларда Өзбекстан Республикасының социаллық ҳәм өндирислик инфраструктурасын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында жаңа балалар бақшасының қурылысы баслап жиберилди.
Қурылыс жумыслары “Сәўир” ЖШЖ тәрепинен алып барылмақта. Жойбардың улыўма баҳасы 3,7 миллиард сумды қурайды.
Ҳәзирги ўақытта имараттың биринши қабатының бетонлаў, өриў жумыслары жуўмақланып, екинши қабатын өриў жумыслары алып барылмақта.
Мағлыўмат ушын, “Қызыл жар” мәҳәллесинде алдын бирде-бир бақша болмаған. Бул жаңа имарат мәҳәлле халқы ушын көп жыллардан берли әрман болып келген әҳмийетли социаллық имарат болып есапланады.
Шынында да, бул жойбар алыс аўылдағы аналар ушын қолайлықлар жаратыў, перзентлерин ерте тәрбияға тартыў, жергиликли халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде әҳмийетли есапланады.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.