Саламатлық марафоны дослық илажына айланып кетти

100

Республикамызда 130 дан аслам миллет ўәкиллери аўызбиршиликли түрде жасап, елимиздиң барлық тараўларында теңдей ҳуқықларда, тараўларда жемисли мийнет етип, Ўатанымыздың гүллеп-жаснаўы ҳәм оның ғәрезсизлигин беккемлеў, Республикамыздың халықаралық майдандағы абырайын арттырыўда мүнәсип үлеслерин қосып келмекте.

Елимизде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 10-февральдағы 30-июль сәнесин «Халықлар дослығы күни» сыпатында кең түрде белгилеў ҳаққындағы 672-санлы қарары тийкарында, Өзбекстан Республикасының Нызамы қабыл етилди. Бул болса көп миллетли елимизде миллетлер аралық татыўлықтың және де беккемлениўи, халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўына ҳуқықый негиз жаратты.

Усы мүнәсибет пенен елимизде бул күнди кең түрде белгилеў бойынша түрли илажлар шөлкемлестирилмекте.

Усындай илажлардың бири Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиндеги Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық фракциясы ағзасы Рузибийке Айтбаеваның басламасы менен Беруний районында шөлкемлестирилди.

Бостан мәкан пуқаралар жыйыны аймағында өткерилген «Саламатлық ушын 5000 қәдем» саламатландырыў марафонында, пияда жүриўдиң пайдалы тәреплери бойынша партия белсендилеринен түсиниклер алып, азанғы дене шынығыўларында белсене қатнасқанлар өзлериниң саламатлығына бийпәрўа емес екенлигин көрсетти ҳәм бундай басламалар жәмийетимизде қызғын қоллап-қуўатланатуғынын билдирди.

Қулласы жәмийетимизде саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаўшы марафон, миллетлер аралық дослық ҳәм татыўлықты беккемлеўши илажға айланып кетти.

«Адолат» социал-демократиялық партиясы тәрепинен бундай унамлы басламалар республикамыздың басқа аймақларында да даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.