Гулнур Кегейлиниң ең исбилермен ҳаялы деп табылды

101

ӨзЛиДеП Кегейли районлық Кеңеси ҳәм районлық шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң шөлкемлестириўи менен ҳаял-қызлардың жәмийеттеги белсендилигин және де беккемлеў, исбилерменликти кеңнен ен жайдырыў, оларды қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелий жәрдемлер көрсетиў мақсетинде «Исбилермен ҳаял» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўда төрешилер қурамы исбилермен ҳаял-қызлар тәрепинен ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбелерин көзден өткерип, олар менен бүгинги күни алып барып атырған жумыслары ҳәм алдағы ис-режелери бойынша жақыннан сәўбетлести.

Өткерилген таңлаў нәтийжесинде, Қуяшлы мәкан пуқаралар жыйынынан Гулнур Пердебаева биринши орынды ийелеп, жарыстың  республикалық басқышына жолламаны қолға киргизди.

Ал, сыйлы екинши ҳәм үшинши орынлар Гүжим терек ҳәм Мәденият мәкан пуқаралар жыйынынан Марьям Камалова ҳәм Мөлдир Утебаеваларға несип етти.

Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен Ҳүрмет жарлығы ҳәм естелик  саўғалар тапсырылды.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.